Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри Жамшид Қўчқоров Россия Федерациясы Бас министриниң орынбасары Алексей Оверчук басшылығындағы Россия ҳүкимети делегациясы менен ушырасыў өткерди.
Министрликте болып өткен кеңейтилген ушырасыўда қаржы министри Темур Ишметов, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Нозим Ҳусанов, Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Шерзод Қудбиев, сондай-ақ, бир қатар министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкер хызметкерлери қатнасты.
Сөйлесиўде Өзбекстан менен Россия арасындағы өз-ара пайдалы стратегиялық шерикликти раўажландырыў мәселелери ҳаққында сөз етилди.
Тәреплер регионаллық бирге ислесиў шеңбериндеги бир қатар жойбарларды додалады. Атап айтқанда, салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў бойынша ҳәрекетлер режесиниң орынланыўы көрип шығылды.
Бүгинги күнде салық системасын раўажландырыў, соның ишинде, мүлкке салық салыўды жетилистириў ҳәм салық төлеўшилер менен ислесиў системасын жаратыў мақсетинде Россия Федерациясы Қаржы министрлиги тәрепинен Өзбекстанға бийғәрез техникалық жәрдем көрсетиў ҳаққында шәртнамаға қол қойылған. Усы шәртнаманы әмелге асырыў шеңберинде бир неше бағдар бойынша жумыс алып барылды.
Электрон есап-санақлар ҳәм қосымша қун салығы ҳәкимшилиги бойынша бизнес процесслерди оптималластырыў, мәмлекетимизде көшпес мүлкке салық салыўды жетилистириў, салық уйымларында салық төлеўшилер менен ислесиўди шөлкемлестириў концепциялары, салық уйымлары хызметкерлериниң салық төлеўшилер менен өз-ара нәтийжели ислесиў бойынша оқыў бағдарламасын ислеп шығыў, салық уйымлары ушын корпоратив усылды жаратыў сыяқлы мәселелер усылардың қатарына киреди.
Федерал Салық хызмети менен бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша шерикликтиң екинши басқышы шеңберинде заманагөй технологиялардан пайдаланыўды тәмийинлейтуғын әмелий программалық тәмийнат ислеп шығыў, техникалық хызметкерлерди таярлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў, әмелий программалық тәмийнаттың сынақ ҳәм енгизиў процесслерин қоллап-қуўатлаў, Биг Дата мағлыўматларды қайта ислеў ушын таллаў системасын ислеп шығыў ҳәм енгизиў сыяқлылар ислеп шығылған.
Ушырасыўда сондай-ақ, кадастр жумысын жетилистириў тараўында бирге ислесиў мәселеси де додаланды.
Ҳәзирде Росреестр менен Россия Федерал Салық хызмети тәрепинен әмелге асырылатуғын көшпес мүлкти салыққа тартыўды жетилистириў бойынша жойбарды даўам еттириўди есапқа алған ҳалда, 2020-2021-жылларда бирге ислесиў туўралы сөйлесиўлер алып барылмақта.
Россия тәрепиниң техникалық жәрдеми менен «Мәмлекетлик кадастрды баҳалаў системасын жаратыў ҳәм көшпес мүлк объектлериниң кадастр баҳасын анықлаў, соның ишинде, Өзбекстан Республикасында салық мақсетлери ушын» жойбары шеңберинде бир қатар бағдарлар ислеп шығылмақта. Ушырасыўда бул тараўда кадрлар таярлаў мәселеси де додаланды.
Сөйлесиў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп, әмелге асырылатуғын илажлар бойынша келисип алды.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы