ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети Жаслар менен ислесиў бөлими тәрепинен видеоконференцбайланыс форматында онлайн мәжилис өткерилди.

Онда «Жаслар қанаты»ның ўазыйпалары ҳәм партия жойбарлары ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәжилисте «Жаслар қанаты»ның өткен дәўирдеги жумыслары додаланып, алдағы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди. «Жаслар қанаты»ның жумысларын жаңа талаплар тийкарында қайта көрип шығыў, оның қатарын Ўатанға садық, белсенди жаслар менен кеңейтиў, олардың умтылысларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған анық илажлар «Жол карта»сы ислеп шығылды.

Онда партия қурамындағы белсенди жасларды партияның усынысына тийкарланып жылына кеминде еки мәрте Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик басқарыў академиясы системасындағы курсларда оқытыў, партияның «Парламентте мениң орным» жойбары шеңберинде «Егер мен депутат болсам» республикалық таңлаўын өткериў, «Жас блогерлер клубы»н шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.

– Бул өз гезегинде республикамызда жасларға жаратылып атырған имканият ҳәм шараятлардың жоқары дәрежеде екенлигинен дәрек береди,-дейди партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Жаслар менен ислесиў бөлими баслығы И.Исмайлов. – Мәселен, Жаслар ислери агентлигиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы «Жаслар парламенти»ниң шөлкемлестирилиўин буның айқын мысалы десек болады.

Жаңадан ислеп шығылған «Жол карта» жасларды еле де бир мақсет жолында бирлестиреди, деп исенемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги