Қарақалпақстанда 14-сентябрь күнинен баслап және 53 мектеп ашылып, оларда дәстүрий түрдеги оқыў басланып, быйылғы оқыў жылында 37 мың 71 бала 1-классқа қабыл етилген.

Республикамыздағы қалған мектеплер октябрь айына шекем индивидиуал түрде орынлардағы ҳақыйқый жағдай ҳәм денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўмағына муўапық, тек жергиликли кеңес депутатлары руқсатынан соң ашылады.

Бундай қарар аймақтағы эпидемиологиялық жағдай, муғаллимлерде анықланған коронавирус көрсеткиши, аймақтағы денсаўлықты сақлаў системасының жағдайға таярлығынан келип шығып қабыл етиледи.

Ҳәр бир район ҳәм қала кесиминде жумысы тикленип атырған мектеплер ҳаққындағы мағлыўматлар тийислилиги бойынша ҳәкимликлер ҳәм халық билимлендириў  бөлимлериниң рәсмий интернет тармақларында жәрияланады. Мектеплердеги класс басшылары ата-аналарды хабардар етеди.

Мектепте дәстүрий оқыўды тиклемеген оқыўшылардың «Онлайн-мектеп» жойбары шеңбериндеги телевизиялық сабақлар арқалы оқытылыўы тәмийинленеди.

Усы жылдың 25-26-август күнлери пандемия шараятында оқыў жылын баслаў бойынша ата-аналар арасында өткерилген сораўда ата-аналардың 85 проценти сабақларды дәстүрий түрде баслаў ҳәм 15 проценти онлайн тәризде шөлкемлестириў пикирин билдирген.

Жаңа оқыў жылына таярлық шеңберинде мектеплердиң жәмәәтлери медициналық тексериўден өткерилмекте. Кеселлик анықланған хызметкерлер оқыў процесине қатнастырылмайды. Олар онлайн түрде жумысын даўам еттириўи мүмкин.

14-сентябрьде Қараөзек районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде дәстүрий түрдеги оқыў басланды. Оқыў еки мезгилде өткерилиўи белгиленген реже тийкарында әмелге асырылмақта.

Нөкис қаласында усы күни 4 мектепте оқыўшылар дәстүрий түрде оқыўды баслады. Мектеплердеги  шараят қалалық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы тәрепинен үйренилип, қанаатланарлы баҳа берилген.

– Бүгин мектебимиз және балаларды өз қушағына алды, -дейди 40-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқытыўшысы А.Палымбетова. – Мектебимизде олардың мүнәсип билим алыўы, қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде барлық шараятлар жаратылды. Оқыўшылардың санынан келип шыққан ҳалда пирометр, дозатор, антисептикалық қураллар жеткерип берилип, медицина ханасы ҳәм кеселликке гүман етилген оқыўшылар ушын изоляция ханалары шөлкемлестирилди. Педагогикалық жәмәәтимиз коронавирусқа тест тапсырды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы