Апелляциялық арза ямаса шағымларды быйыл онлайн тәризде қабыллаў жобаластырылмақта.

 

Тест сынақлары толық жуўмақланғаннан соң арза бериў имканиятлары жаратылады.

 

Октябрь айының басларында апелляциялық арза бериў имканияты жаратылады.

 

Барлық материаллар МТОда топланғаны ҳәм экспертлер де тест орайында жәмленгенин есапқа алып, апелляциялық арзалар тест орайында көрип шығылыўы жобаластырылмақта.

 

Апелляция процеси толық онлайн тәризде узатылады, яғный ата-аналар арқайын апелляция процесин онлайн бақлап барыўы мүмкин болады.

 

Апелляцияға берген абитуриент тест сынақларында шешкен сораўлар бети менен өзи тиккелей қатнасады.

 

Атап өтиў орынлы, абитуриентлер апелляцияда қайта сынақтан өткерилмейди, яғный тазадан сораўлар берилмейди. Тест сынағында шешкен сораўлар китабында белгиленген жуўаплар менен апелляция процеси көрип шығылады.

 

Булар ҳаққында МТО бас басқармасының баслығы Б.Ражабов мәлим етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.