Төрткүл районынан жолға шыққан «Toyota» маркалы автотранспорт қуралы 10-сентябрь күни «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомагистралының Бухара ўәлаяты аймағынан өтетуғын бөлегинде жол-транспорт ҳәдийсесине ушыраған. Бул ҳаққында «Zamon» информациялық бағдарламасында хабар берилди.

 

Хабарларға қарағанда, «Toyota» автомашинасының басқарыўшысы тезликти ҳәдден тыс арттырыўы ҳәм уйқлап қалыўы ақыбетинде автомашина жолдың шетине шығып, аўдарылып кеткен. Ҳәдийсе ақыбетинде автомашина басқарыўшысы ҳәм бир жолаўшы ўақыя жүз берген орында қайтыс болған.

 

Мәлим болыўынша, транспорт басқарыўшысы қатты шаршағаны ҳәм уйқлап қалыўы ақыбетинде басқарыўды жоғалтқан.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.