13-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының оқытыўшысы Жаббар Хожановтың қәлемине тийисли «Ақ қуў ҳаққында аңыз»  спектакльниң премъерасы болып өтти.

Спектакльди мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тәрбияланыўшылары ҳәм олардың тәрбияшылары тамашалады.

Спектакльдиң сюжетлери аңызға  тийкарынып жазылған. Онда патшаның қызы Айгүл (Ақ қуў-Н.Генжебекова) сыйқыршы Мәстан кемпир (У.Қазақбаева) ҳәм Қуйын (П.Кулимов)ның жаман нийетли ҳийлесиниң қурбаны болып, Ақ қуўға айланып қалады. Аңшы жигит Темирбек (Ш.Алламбергенов) Ақ қуўды атпақшы болғанда, ол адам тилинде сөйлегенде жигит ҳайран қалады. Ол сыйқырланғанын айтып, қызға айланады. Жигит қызға ашық болып қалады. Бул ҳәдийселерди билген Қуйын Ақ қуўды қалыңлығы етип алмақшы болып, енди ушып кете алмасын деп Мәстан кемпирге қанатларын қырқтырып таслайды.

Спектакльдеги конфликтлер шийелеседи. Жақсылық пенен жаманлық арасында гүрес басланады. Жақсылық жеңиске ерисип, сыйқырлылық пенен жаўызлыққа тыйым салынады. Еки жас мурат – мақсетине жетеди.

Спектакльдеги актёрлардың қуўыршақларды шебер ойната алыўы, музыканың жақсы таңланғаны, жақтыландырыўшы шырақлардың рәнбе-рәңлиги, спектакльдиң тәсирли болыўына, тамашагөйлердиң тынымсыз қол шаппатлаўларына миясар болды.

Балалар кеўилли дем алды.

Мағылыўмат орнында айтып өтемиз, бул спектакль «Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими дизиминдеги имканияты шеклегнен 300ге шамалас балаларға қойып берилди ҳәм театр жәмәәти тәрепинен таярланған «Жаңа жыл саўға»лары  тапсырылды.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы