2020-жылдың 9-сентябрь сәнеси таңында устаз Шарап Уснатдинов дүньядан өтти деген суўық хабардан жүрегим ләрзеге келди.

Әлбетте өмир өткинши, өлим ҳақ, сум әжел оғына дуўшар келген ҳеш бир инсан оннан қашып қутыла алмайды.

Лекин, өмир ҳәм өлим деп аталыўшы усы еки ҳақыйқат ортасында мазмунлы жасап, ел-халқыңа керекли, қайтқаныңда халқыңның қабырғасы қайысқандай инсан болыў ҳәммегеде несип ете бермесе керек.

Устазым Шарап Уснатдинов өзиниң 78 жыллық өмири даўамында өмир деп аталмыш гүзар жолда оның барлық пәс-бәлентин басып өткен, бийғам балалығын урыс жылларының аўыр машақаты урласада, жаслығында турмыс деп аталмыш тесиги көп дорба мойынға илинип, өзиниң түрли тәшўишлери менен сыйласада, сабыр – қәнәәт ҳәм мийнеткешлик пенен ҳадал маңлай тер төгип, өз орнын төрден алыўға ерискен төрели инсан еди.

Ел-халқының ерискен жетискенликлеринен күш-қуўат, илҳам алып, кемшиликтен күйинип, үлкен-киши жыйынларда ҳәммени уйытып, ужыбатлы сөз айтып, өткир сөзи менен ҳәммениң кеўлинен шыға алатуғын бул инсан менен заманлас, пикирлес, аға-ини, устаз-шәкирт болыў бахтына миясар болғанымнан бахтыярман.

Өз заманласларының қуўаныш-мәртебелерине шерик болып, бар ықласы, шын кеўли менен ақ қағазды қаралап, газета бетлерин толтырып мақала жазып, соңынан айрымларын бийбаҳа ғәзийне китап етип шығарып, заманласларыныӊ қуўанышына, табысына, пүткил елин шерик етиў бахты Шарап Уснатдиновтай сөз зергерине несип етти.

Қолға қәлем алып, әдебият майданында көптиң бири сыпатында қәдем таслап жүргенимиз, қалаберсе мәмлекетимизде ҳәрекет етип турған сиясий партиялардың биринде жумыс ислегенимиз, Республика руўхый-ағартыўшылық жумысларында үгит-нәсиятшы сыпатында тартылғанымыз себеп, бизгеде уллыларды улығлап, өзиде уллылық дәрежесине жеткен Шарап Уснатдиновтай кеўли нама таныйтуғын устаз бенен соңғы он-онбес жыл ишинде бир сапта жүриў, пикирлес болыў несип етти.

Мәмлекетимиз ғәрезсизлиги байрамлары алдынан район, қалаларда, алыс аўылларда болып өтетуғын байрамалды үгит-нәсият иләжларында устаз кәмине келтирип сөз сөйлеп, биз қосық оқып биргеликте ғарезсизлик жемислерин кең жәмийетшиликке жеткериўге ҳәрекет еткенбиз.

Устаздың қарақалпақ журналистикасында орны өз алдына бир төбе болса, әдебиятымыздың әсиресе, қарақалпақ прозасының соңғы жыллардағы раўажланыўында өзиниң бир қатар гүрриң, повесть, эссе, романлары менен салмақлы үлес қосты.

«Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы» ҳүрметли атағына миясар болды.

Мәмлекетимизде биринши президентимиз И.А.Каримов басшылығында ғәрезсизликке ерисиў ҳәм оны беккемлеў жолындағы мәмлекет сиясатын, сондай-ақ Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев басшылығында бүгинги күндеги Жаңа Өзбекстанды раўажландырыў жолындағы әмелий реформаларды ел-халыққа үлкен шеберликлик пенен тилимиздиң бай дүрданаларын өз орнында қолланып жеткериўде мудамы алдыңғы қатарда жүрди.

Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер сыпатында бир неше мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты болып сайланыўы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы болыўы, бул инсанға болған ел-халқымыздың, қала берсе мәмлекет, республика басшыларының терең ҳүрмети еди.

Бирақ Шарап Уснатдинов бул исеним ҳәм ҳүрмет-иззетти мудамы өзиниң тынымсыз мийнети менен толық ақлай алды.

2014-жылы мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 23 жыллық байрамы алдынан халық пенен болған ушырасыўларда устаз бенен Елликқала, Беруний ҳәм Кегейли районларында бирге сапарда болғанбыз.

Усы жылы ағамыздың ел-журт алдындағы ибратлы ислери, тынымсыз изленислери ҳәм дөретиўшилик мийнетлери жоқары баҳаланып «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықланды.

Бул қуўанышлы хабардан илҳам алып сол ўақытлары «Қутлы болсын «Ел-журтыңның ҳүрмети» деп қосық жаздым ҳәм устазға тапсырдым.

Қосықты оқып көрип, кеўлине қонымлы шыққанлығы ушын қайта-қайта рахметин айтып, пәтиясын берди ҳәм бүгинги күнге шекем ең қәдирли мүлклери қатарында үй-китапханасы төринде сақлап қойғанлығын билемен.

Сапарларымыз даўамында өз өмир жолы ҳаққында айтып, жақсы ат шығарыў аңсатлық пенен болмаслығын, уйқысыз түнлерди, тынымсыз изленислерди, көп оқыў ҳәм мийнет етиўди талап ететуғынлығын қайта-қайта нәсиятлаған.

2018-жылы жаңа жыл байрамы алдынан телеграмм тармағы арқалы қосық қатарлары менен қутлықлаў жоллағанымда, шын жүректен миннетдаршылық билдирип, Раўаж иним, қосықты шын кеўлиӊ менен жазасаң, бирақ бир кемшилигиң бар, айт не ушын кем жазасаң, аз көринесең» деп кейип қойғаны мен ушын бир өмирлиқ сабақ болды.

Жетискенлигиңди көрип қуўанатуғын, кемшилигиңди көрип күйинип өз пикирин ашық айтатуғын Шарап Уснатдиновтай әзийз устазымның жарқын келбети мудамы қәлбим төринде мөрленип қалды.

Жатқан жериңиз жайлы, топырағыңыз торқа, руўхыңыз шад болғай, қәдирданым Шарап аға!

Шешенликтиң шоққысында шағлап өткен устазым,

Жақсылардың жанын мудам жақлап өткен устазым,

Ийне менен қудық қазып, суў шығарған суўшыдай

Халқы ушын қәдирли сөз тақлап өткен устазым.

 

Раўаж Отарбаев,

 Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан

Жазыўшылар аўқамы ағзасы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги