Китап жаңалығы    

«Қарақалпақстан» баспасынан  Қарақалпақстан халық муғаллими, Қарақалпақстан Республикасына мийнети cиңген жаслар устазы Есбосын Таженовтың «Ғәрезсизлик-бахтым мениң» атлы китабы шықты.

Оның алғы сөзинде жазылғанындай, адам жасы үлкейген сайын өмирге тереңирек нәзер салып, инсан баласының дүньядағы орны ҳаққында ойлап қаласаң. Қарақалпақстан халық муғаллими, Қарақалпақстан Республикасына мийнети cиңген жаслар устазы Есбосын Таженов пүткил саналы өмирин билимлендириў тараўын раўажландырыўға, келешегимиз болған жаслар тәрбиясына жумсады. Тараўдағы ғәрезсизлик жылларынан бурынғы машқалаларының, кейинги жыллардағы жетискенликлердиң айқын гүўасы болды. Усы көзқарастан қарағанда устаздың өмири ҳәм мийнет жолы шәкиртлерине, усы тараўға қәдем таслап атырған жас қәнигелерге ҳәр тәреплеме өрнек болары сөзсиз.

 

 

Китаптың «Ғәрезсизлик-бахтым мениң» деп аталыўы да тосыннан емес. Елимизде Президентимиз басшылығында барлық тараўларда, соның ишинде билимлендириў тараўында да кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Китапта дәслепки мийнет жолын баслаған мектеби, узақ жыллар басшылық еткен Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы лицей жәмәәтиниң жетискенликлери, заманласларының, кәсиплеслери менен шәкиртлериниң устаз ҳаққында баспасөзде жәрияланған пикирлери, устаз өмириниң умытылмас мәўритлери сөз етиледи.

Инсан өмиринде шаңарақ тийкарғы орынды ийелейди. Тәжирийбели устаздың шаңарағы көпшиликке өрнек десек асыра айтқан болмаймыз. Бүгинги күни ул-қызлары түрли тараўларда жемисли мийнет етип киятыр. Өмирлик жолдасы менен ақлық-шаўлық сүйип отырған бахытлы ата.

 

 

Бул китап Муғаллимлер ҳәм устазлар күни алдынан әжайып саўға болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.