Барлық қала ҳәм районларда балаларымыз сағынып күткен жаңа оқыў жылына қызғын таярлықлар көрилмекте.

Шоманай районында да оқыў жылына пуқта таярлықлар көрилди. Районлық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының қәнигелери ҳәм оларға жәрдемши ретинде ис-ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартылған жаслар райондағы улыўма билим бериў мектеплерине жаңа оқыў жылы алдынан дезинфекциялаў жумысларын алып барды.

Сондай-ақ, оқыў барысында техникалық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм басқа да айрықша жағдайлардың алдын алыў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен дүзилген жумысшы топар үйрениў жумысларын алып барды.

– Шоманай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 20-санлы ҳәм 29-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде тәжирийбе сынақ тәризинде оқыў процеси басланды,-дейди район ҳәкиминиң қурылыс ҳәм коммуникация ислери бойынша орынбасары Р.Клышев. – Мектепке келген оқыўшылардың аралықты сақлаў сызықларында турыўы, гезек пенен дене ыссылығын өлшетиўи ҳәм қолларын антисептикалық қураллар менен тазалап турыўы жолға қойылып, булар арнаўлы медицина хызметкерлери ҳәм нәўбетши оқытыўшылар тәрепинен әмелге асырылмақта.

Балалардың мектепке қатнап оқыўы ямаса онлайн тәризинде өткерилетуғын сабақларға аралықтан турып қатнасыўы 2020-2021-жаңа оқыў жылын баслаў ушын мектеп оқыўшыларының ата-аналарынан алынған сораўнамалардың нәтийжелери бойынша алып барылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги