Мәмлекетимизде барлық тараўлар сыяқлы илим ҳәм билимлендириў системасындағы әмелге асырылып атырған реформалар күнделикли турмысымызда өзиниң әҳмийетли нәтийжелерин көрсетпекте. Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйылғы жылғы Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында усы тараўға айрықша итибар қаратылып, мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық, мәдений, санаат ҳәм өндирис тараўларында илимниң ролин және де арттырыў, инновацияларды кеңнен енгизиў, соның ишинде, математика, химия, биология ҳәм геология тараўларын және де раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта бул илим тараўларының раўажланыўына қаратылған бир қатар Президенттиң пәрман ҳәм қарарлары, усы тийкардағы басқа нызам асты нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди.

Усы салмақлы жумыслардың логикалық даўамы сыпатында және бир әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-августтағы «Химия ҳәм биология бағдарларында үзликсиз билимлендириў сапасын ҳәм илим нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4805-санлы Қарары қабыл етилди.

Усы қарар тараўдағы жыллар даўамында жыйналып қалған машқалаларды комплексли түрде шешип берди, пәнлердиң оқытылыўынан баслап экономика тармақларының раўажланыў орнына шекем, сондай-ақ, орынланыўы зәрүр болған ўазыйпалардың басқышлары, көлеми ҳәм механизмлери анық көрсетип берилди. Қарарға муўапық, республиканың ҳәр бир аймағында  басқышпа-басқыш химия ҳәм биология пәнлерине қәнигелестирилген 14 таяныш қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестириледи. Соның менен бирге Әбу Әли ибн Сино атындағы жас биологлар ҳәм химиклер қәнигелестирилген мектеп-интернаты усы мектеплердың статусына теңлестирилетуғын болды.

Белгили бир мәмлекеттиң экономикалық қүдирети оның санааты, табийғый ресурсларды терең қайта ислеў технологияларына ийе екенлиги көзқарасынан баҳаланса, химия ҳәм биология пәнлериниң әҳмийети және де айдынласады. Соның ушын қарарда усы пәнлердиң оқытылыўына айрықша әҳмийет  берилген, яғный шөлкемлестирилип атырған қәнигелестирилген мектеплер келешекте улыўма орта билимлендириў системасында пүткиллей жаңа басқышты баслап берди. Сондай-ақ, химия ҳәм биология пәни бойынша талантларды ерте анықлап, анық мақсетке бағдарлаў, соңғылығында жетик қәнигели кадрларды таярлаў имканиятын береди. Қарадың және бир әҳмийети сонда, келешекте химия ҳәм биология пәнлерин тереңлестирип оқыўға қәнигелестирилген  150 мектеп шөлкемлестирилиўи белгилеп берилди.

Бәршемизге белгили, усы ўақытқа шекем белгили илим тараўлары, соның ишинде химия ҳәм биология пәнлериниң ири қәнигелери, тараў бойынша кадрлар таярлайтуғын илимий ҳәм оқыў мәкемелери, сондай-ақ, санаат ҳәм өндирис кәрханалары өз-ара байланыспаған, бирден-бир мақсет тийкарында бирлескен система сыпатында қәлиплеспеген еди. Енди, әне усы машқалалар сапластырылып, улыўма орта билимлендириўден баслап, жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери, мәпдар болған ири кәрханалар ҳәм шөлкемлерге шекем бирге ислесиў механизми ислеп шығылып, олардың өз-ара интеграциясы ушын беккем негиз жаратылды.

Химия ҳәм биология пәнлерине қәнигелестирилген мектеплердиң жумысын қосымша қаржыландырыў, оларды үскенелеў, муғаллимлерге үстеме ҳақы төлеў және химия  ҳәм биология пәнлерин оқытыў бойынша басқа  илажларды қаржыландырыў ушын арнаўлы қорлардың шөлкемлестирилиўи белгиленген ўазыйпалардың өз мүддетлеринде ҳәм сапалы әмелге асырылыўына сөзсиз хызмет етеди. Сондай-ақ, қәнигелестирилген мектеплерге қабыл етилген химия ҳәм биология пәнлериниң оқытыўшылары және басшы кадрлардың социаллық қоллап-қуўатланыўы болса бул тараў ўәкиллерине ғамхорлық үлгиси ҳәм жәмийетте олардың абырайын жоқарылататуғын фактор сыпатында баҳаланады.

Ҳүрметли Президентимиздиң бул қарарын илимпазлар, жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары үлкен қанаатланыўшылық пенен күтип алды. Қарардың орынланыўы нәтийжесинде химия ҳәм биология тараўы бойынша қәнигели кадрларды таярлаў ҳәм салмақлы илимий излениўлер алып барыўда оғада унамлы нәтийжелерге ерисиледи.

Усы әҳмийетли ҳүжжет химия ҳәм биология пәнлериниң раўажланыўы, тараў қәнигелериниң шын ықласы менен мийнет етиўи, ең тийкарғысы халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

М.Ибрагимов,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт комитетиниң ағзасы,

А.Реимов,

ҚМУ ректоры, Жоқарғы Кеңес депутаты

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги