Нөкис гарнизонында ең уллы ҳәм ең әзиз байрамымыз – Ғәрезсизлигимиздиң 29 жыллығы мүнәсибети менен спорт жарыслары болып өтти.

Онда шығып сөйлеген Әскерий округ әскерлери сәркардасы пидайы, ўатансүйгиш, мийнеткеш әскерий хызметкерлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қутлы сәне менен қутлықлап, Ўатанды қорғаўдағы әдиўли хызметлеринде әўмет тиледи. Буннан кейин әскерий хызметкерлер ҳәм олардың перзентлери арасында спорттың мини-футбол, волейбол, стол тенниси, армрестлинг, арқан тартыў, шахмат-шашка, велоспорт түрлери бойынша беллесиўлер басланды. Ғәрезсизлик темасында сүўрет салыў викторинасы көплеген балаларды өзине тартты.

Әскерий топарлар арасында палаў писириў бойынша чемпионат өткерилип, онда әскерий хызметкерлер тәрепинен таярланған миллий тағам көпшиликтиң алғысын алды. Қатнасыўшылар Ташкент, Самарқанд, Әндижан, Сурхандәрья ҳәм басқа да ўәлаятлардың өзине тән технологиялары бойынша палаў писирип беллести.

Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы беллесиўлер жеңимпазларын диплом, мақтаў жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықлады.

Байрам мүнәсибети менен көркем өнер ғайраткерлери ҳәм округтиң әскерий оркестриниң қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги