Президент қарарына муўапық, 2020-2021-оқыў жылынан баслап Өзбекстан бойынша 47 медициналық колледж Әбиў Әли ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумлары сыпатында қайта шөлкемлестирилди.

 

Ҳүжжет тийкарында, Қарақалпақстан Республикасындағы 3 медициналық колледж техникумға айландырылды. Булар – Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Хожели районларындағы Әбиў Әли ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумлары болып табылады.

 

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2020-жыл 28-августтағы 3-санлы протоколы тийкарында 2020-2021-оқыў жылы ушын усы техникумларға мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында қабыллаў параметрлери тастыйықланды.

 

Нөкис Әбиў Әли ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумына улыўма мәмлекетлик грант тийкарында 21, төлемли контракт тийкарында 909 оқыўшы қабылланады. Соннан:

 

5.71.03.01 – Мийирбийкелик жумысы – 6 мәмлекетлик грант, 324 төлемли контракт;

5.71.01.01 – Фельдшерлик-акушерлик жумысы – 6 мәмлекетлик грант, 264 төлемли контракт;

5.71.02.01 – Стоматология жумысы – 3 мәмлекетлик грант, 27 төлемли контракт;

5.71.05.01 – Фармация – 3 мәмлекетлик грант, 117 төлемли контракт;

5.71.01.02 – Фельдшерлик-лаборантлық жумысы – 3 мәмлекетлик грант, 177 төлемли контракт.

 

Қоңырат Әбиў Әли ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумына улыўма мәмлекетлик грант тийкарында 12, төлемли контракт тийкарында 318 оқыўшы қабылланады. Соннан:

 

5.71.03.01 – Мийирбийкелик жумысы – 6 мәмлекетлик грант, 114 төлемли контракт;

5.71.01.01 – Фельдшерлик-акушерлик жумысы – 2 мәмлекетлик грант, 88 төлемли контракт;

5.71.05.01 – Фармация – 2 мәмлекетлик грант, 88 төлемли контракт;

5.71.01.02 – Фельдшерлик-лаборантлық жумысы – 2 мәмлекетлик грант, 28 төлемли контракт.

 

Хожели Әбиў Әли ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумына улыўма мәмлекетлик грант тийкарында 26, төлемли контракт тийкарында 574 оқыўшы қабылланады. Соннан:

 

5.71.03.01 – Мийирбийкелик жумысы – 12 мәмлекетлик грант, 198 төлемли контракт;

5.71.05.01 – Фармация – 4 мәмлекетлик грант, 146 төлемли контракт;

5.71.01.02 – Фельдшерлик-лаборантлық жумысы – 6 мәмлекетлик грант, 114 төлемли контракт;

5.71.04.01 – Медициналық-профилактикалық жумыс – 4 мәмлекетлик грант, 116 төлемли контракт.

 

Техникумларда валеология, медициналық психология, нутрициология, диетология, фармакология, кинезиология, реабилитология ҳәм профпатология пәнлери тереңлестирилген ҳалда оқытылады.

 

Оқыў жобалары ҳәм бағдарламалары алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында ислеп шығылады. Техникумларда сабақлар медициналық жоқары оқыў орынларының тәжирийбели профессор-оқытыўшылары қатнасыўында аралықтан оқытылады.

 

Техникумды табыслы жуўмақлаған питкериўшилер өз тараўына сәйкес болған медициналық жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарлары бойынша оқыўын даўам еттиреди. Олар кириў имтиханларысыз, жеке тәртиптеги сәўбетлесиў арқалы оқыўға қабыл етиледи.

 

Имтиханларсыз қабыл етилген техникум питкериўшилери медициналық жоқары оқыў орынларының 2-курсынан баслап оқыўын даўам еттиреди.

 

Еслетип өтемиз, техникумларға оқыўға кириў ушын texnikum.edu.uz (http://texnikum.edu.uz/) сайты арқалы онлайн арза тапсырыў мүмкин. Ҳүжжетлер 25-сентябрьге шекем (сол күни де) қабылланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.