Бүгин, 2-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаңа 2020-2021-оқыў жылының басланыўына бағышланған илажлар онлайн тәризде өткерилди.

 

«Сен – қүдирет дәреги, бахыт мәканы, жанажан Өзбекстаным!» ураны тийкарында шөлкемлестирилген Ғәрезсизлик ҳәм Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовты еслеў сабақлары үлкен көтериңкилик руўхында өткерилди. Илажға институт профессор-оқытыўшылары, жоқарғы курс студентлери ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.

 

«Zoom» платформасы арқалы шөлкемлестирилген онлайн илажды институттың жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди ҳәм басқарып барды. Ол өз сөзинде ең уллы ҳәм ең әзиз байрам – Ғәрезсизлигимиздиң 29 жыллығы, сондай-ақ, Билимлер күни, жаңа 2020-2021-оқыў жылының басланыўы менен илаж қатнасыўшыларын қызғын қутлықлады, жаңа оқыў жылындағы жаңа қәдемлерге табыслар тиледи.

Сабақта ғәрезсизлик жылларына шекемги болған дәўир, Биринши Президентимиз И.А.Кәримовтың елимиздиң раўажланыўы жолында ислеген пидәкерли хызметлери еске алынды. Бүгингидей тынышлық ҳәм парахатшылығымыздың қәдирине жетиў, терең билим алып, елимиздиң дүньяның раўажланған мәмлекетлер қатарынан беккем орын алыўына мүнәсип үлес қосыў кереклиги атап өтилди.

 

Дүньяда даўам етип атырған бүгингидей пандемия шараятында оқыў процесиниң үзликсизлигин тәмийинлеў және студентлердиң билим алыўын методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаңа 2020-2021-оқыў жылы жоқарғы курслар – 2-, 3- ҳәм 4-курс студентлери ушын аралықтан онлайн оқытыў тәризинде басланды.

 

Буның ушын институтта ҳәм техникалық жақтан, ҳәм бағдарламалық тәмийнат және ресурсларды қәлиплестириў бойынша кең көлемдеги жумыслар алып барылды. Институт профессор-оқытыўшылары жоқары билим бериў процесин үзликсиз ҳәм сапалы етип шөлкемлестириўге толық таярлық көрди.

Илажда студент-жаслар, олардың ата-аналары ҳәм институт профессор-оқытыўшылары да сөзге шығып, бүгингидей сынаўлы демлерди биргеликте жеңип шығып, келешек ушын зәрүр болған билим алыўда, арнаўлы көнликпелерге ийе болыўда алып барылып атырған жумыслардың әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтти.

 

Онлайн илаж институттың талантлы студентлериниң атқарыўындағы йошлы концерт бағдарламасына уласты.

 

Илажға Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Руўхый-әдеп икрамлылық тәрбия басқармасының баслығы О.Бозоров қатнасты.

 

Жаңа оқыў жылының басланыўына бағышланған басқа да илажлар онлайн тәризде институт факультетлери көлеминде даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.