Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы байрамы алдынан Тахтакөпир районында бир қатар жаңа объектлер пайдаланыўға тапсырылды.

Районлық Мәмлекетлик хызметлер орайы ески имаратта жайласқан еди. Бул жерде шараятлар жетерли болмағанлығы себепли хызмет көрсетиўде бир қатар машқалалар пайда болған еди.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда район ҳәкими Ж.Адилов, Мәмлекетлик хызметлер орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артықов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы байрамы ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады. Жаңа имарат «Меъмор хўжайли» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен сапалы қурып питкерилди.

-Жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы халқымыз ушын әжайып байрам саўғасы болды,-дейди районлық Мәмлекетлик хызметлер орайының директоры Пазыл Реймқулов.-Бул жерде жаратылған шараятлар халқымызға иркинишсиз сапалы хызмет көрсетиў имканиятын береди.

Ҳақыйқатында да, миллийлик ҳәм замагөйликти өзинде жәмлеген бул имарат өзине тән дизайн тийкарында қурып питкерилди. Залда орнатылған мониторлар арқалы район халқына 140 тан зыят мәмлекетлик хызмет көрсетиледи. Соның менен бирге, имаратта әдиллик ҳәм ПҲАЖ бөлимлери, нотариус, Өзбекстан Республикасы Президентиниң райондағы Халық қабыллаўханасы, Бас министрдиң райондағы исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы жайласқан. Бул демек, халықтың ҳәр қандай мүтәжи бир жерден питеди,-деген сөз.

Усы күни  районлық Мәденият үйиниң жаңа иамараты пайдаланыўға тапсырылды. Райондағы «Реверстрой» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен имаратта 4 миллиард 600 миллион сумлық реконструкция жумыслары әмелге асырылды. Бул жерде түрли мәдений илажларды өткериў ушын барлық шараят жаратылған. Жаңа имаратты қысқа мүддетте сапалы етип питкериўде мийнет еткен қурылысшыларға саўғалар тапсырылды.

Байрам алдынан сондай-ақ, халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының имаратының ашылыў салтанаты болды. Илажда район ҳәкимлиги, қурылыс тараўының ўәкиллери, нуранийлери қатнасты.

Күнине 120 пуқараға шекем қабыллаў мүмкиншилигине ийе имаратта 1 миллиард 70 миллион сумлық жумыс көлеми орынланды. Бул жерде 21 қәниге жумыс алып барып, барлық қолайлықлар жаратылған.

Районда денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. 1000 орынлы футбол стадионының пайдаланыўға тапсырылыўы спортшыларға әжайып байрам саўғасы болды.  Бул имаратты Нөкис қаласындағы «Golden star» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары пайдаланыўға тапсырды. Районның «Дәўқара» футбол командасының Қарақалпақстан чемпионатына қатнасыўы ушын барлық шараятлар жаратылды.

Жаңа футбол стадионының пайдаланыўға тапсырылыў салтанаты жас спортшылардың көргизбели шығыўларына, көркем өнер ғайраткерлериниң байрам концерти бағдараламасына уласты.

Елимиздиң ең арқа аймағында жайласқан район орайы менен аўылларында усындай заманагөй имаратлар бой тиклемекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы