Республикада карантин талапларын қысқартыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен берилген көрсетпелерге муўапық, Республикалық арнаўлы комиссияның гезектеги қарары тийкарында төмендегилерге рухсат берилди:

 

2020-жыл 5-сентябрьден баслап:

 

Улыўмалық аўқатланыў объектлериниң (ресторан, кафе, асхана, чайхана) жумысларына. Бунда усы объектлерде төмендеги санитариялық талапларға әмел етиў талап етиледи:

 

– банкетлер ҳәм басқа ғалабалық илажларды өткериўге жол қоймаў;

– столлар аралығындағы 2 метрден кем болмаған социаллық аралықты тәмийинлеў;

– бир стол дөгерегинде 4 адамнан көп болмаған (шаңарақ ағзалары буған кирмейди) қарыйдарларды орналастырыў;

– хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғапта болыўы;

– ҳәр бир қарыйдардан кейин стол ҳәм басқа үскенелердиң тегис бетин дезинфекциялық затлар менен тазалаў;

– имарат ҳәм бөлмелерге, сондай-ақ, ҳаўаны айландырыў системасына зыянсызландырыў үскенелерин (ультрафиолет лампалар ҳәм т.б.) орнатыў.

 

Тамаша ҳәм мәдений-кеўилашар объектлердиң (тек ғана театр ҳәм кинотеатр) жумысларына. Бунда усы объектлерде төмендеги санитариялық талапларға әмел етиў талап етиледи:

 

– объекттиң ҳаўаны айландырыў системасына зыянсызландырыў үскенелерин (ультрафиолет лампалар ҳәм т.б.) орнатыў;

– келип көриўшилерди социаллық аралықты сақлаған ҳалда орналастырыў және медициналық нықапта болыўы (зәрүр жағдайларда илаж 2 сааттан көп даўам еткенде нықапты бийпул алмастырыў);

– объектлердиң кирип-шығыў орынларын пирометрлер, дезинфекциялық «төсеклер», антисептик затлар менен тәмийинлеў, оларға киргенде ҳәр бир келип көриўшиниң дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған жағдайда киргизбеў;

– ҳәр бир сеанстан кейин орын ҳәм басқа үскенелердиң тегис бетин дезинфекциялық затлар менен тазалаў;

– хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғапта болыўы.

 

Парклер ҳәм дем алыў бағларындағы аттракционлардың жумысларына. Бунда усы объектлерде төмендеги санитариялық талапларға әмел етиў талап етиледи:

 

– келип көриўшилердиң социаллық аралықты сақлаған ҳалда нәўбетте турыўын тәмийинлеў;

– аттракционлардың тегис бетин ҳәр саатта ямаса ҳәр бир пайдаланғаннан соң дезинфекциялық затлар менен тазалаў;

– аттракционнан пайдаланыўда социаллық аралықты сақлаў;

– хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғапта болыўы;

– имарат ҳәм бөлмелерге, сондай-ақ, ҳаўаны айландырыў системасына зыянсызландырыў үскенелерин (ультрафиолет лампалар ҳәм т.б.) орнатыў.

 

Диний шөлкемлерде жәмәәтлик ибадатларды (жума ҳәм шемби-екшембилик диний хызметлер) әмелге асырыўға. Бунда усы объектлерде төмендеги санитариялық талапларға әмел етиў талап етиледи:

 

– жәмийетлик ибадатты өткериў ушын келиўшилер арасында социаллық аралықты тәмийинлеў;

– диний шөлкемлердиң хызметкерлери ҳәм келиўшилердиң медициналық нықапта болыўы;

– санитариялық-гигиеналық ҳәм дезинфекциялық талапларға қатаң әмел етиў, имараттың бөлмелерин турақлы түрде дезинфекциялаў, оларға кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў;

– ҳәр бир диний ибадаттан соң имарат (бөлме) ҳәм ондағы үскенелердиң тегис бетин дезинфекциялық затлар менен тазалаў;

– имарат ҳәм бөлмелерге, сондай-ақ, ҳаўаны айландырыў системасына зыянсызландырыў үскенелерин (ультрафиолет лампалар ҳәм т.б.) орнатыў.

– дене температурасы 37°С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған келиўшилерди киргизбеў;

– диний шөлкемлерге кириў ҳәм шығыў орынларында халықтың топланыўына қатаң түрде жол қоймаў.

 

Ата-аналардың пикирлери ҳәм жергиликли депутатлар кеңеслериниң усынысларына муўапық, сентябрь айынан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң дәстүрий және аралықтан турып жумыс ислеўине 2020-жыл 5-сентябрьден баслап рухсат бериледи. Бунда усы объектлерде төмендеги санитариялық талапларға әмел етиў талап етиледи:

 

– хызметкерлер ҳәм балалар (тәрбияланыўшылар)дың саламатлық жағдайын турақлы қадағалап барыў (дене температурасын турақлы өлшеп барыў), дене температурасы 37°С ҳәм оннан жоқары болған ямаса инфекциялық белгилери болған хызметкерлер және балалар (тәрбияланыўшылар)ды шынығыўлардан шетлетиў;

– хызметкерлердиң медициналық нықаптан пайдаланыўы ҳәм социаллық аралықты сақлаўы;

– санитариялық-гигиеналық ҳәм дезинфекциялық талапларға қатаң әмел етиў, имараттың бөлмелерин турақлы түрде дезинфекциялаў, оларға кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.