Жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары 8-20-сентябрь күнлери өткериледи.

 

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 3-санлы мәжилис протоколы қарарына муўапық, 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўында республикалық жоқары оқыў орынларының магистратурасына кириў имтиханлары карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда 2020-жылдың 8-20-сентябрь күнлери аралығында өткериледи.

 

Еслетип өтемиз, 2020-2021-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларының магистратурасына кириў имтиханларында қатнасыў ушын рухсатнама енгизилмейди. Абитуриентлер өзлериниң жеке кабинетлерине электрон система арқалы кирип, имтиханлар өткерилетуғын орын ҳәм мүддет ҳаққында мағлыўмат алыўы мүмкин болады. Абитуриентлерден кириў имтиханларына паспорт пенен келиўи талап етиледи.

Мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары Нөкис қаласындағы бир орында – Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилиўи жобаластырылмақта. Имтихан сәнеси ҳәм ўақты ҳаққындағы мағлыўматлар абитуриентлердиң magistr.edu.uz платформасындағы жеке кабинетинде көрсетиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.