Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳаял-қызлар кеңеси  тәрепинен Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы алдынан «Сен –қүдирет дәреги, бахыт мәканы, жанажан Өзбекстаным!» сүрени тийкарында «Ўатан-шаңарақтан басланады» атамасында онлайн конференция  болып өтти.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў министриниң Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў бойынша биринши орынбасары М.Ахмедова, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов,  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти, тарийх илимлериниң кандидаты Г.Туреева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, беккем шаңарақтың жәмийеттиң таянышы екенлиги, перзент тәрбиясында китаптың әҳмийети, миллий қәдириятларды үгит-нәсиятлаўда ҳаял-қызлардың тутқан орны, шаңараклардың беккемлигинде репродуктив саламатлыктың әҳмийети, жас шанарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм беккемлигин тәмийинлеўде жаслар парламенти алдында турған ўазыйпалар туўралы мағлыўматлар берди.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде ҳаял-қызларға тийисли мәмлекетлик сиясаттың турмысқа енгизилип атырғаны бул бағдардағы реформалардың көлемин және де арттырып, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўға қатнасын кеңейтпекте. Бул бойынша қабыл етилип атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер болса, олардың өз ҳуқықларын аңлаўы, мәплерин жүзеге шығарыўында әҳмийетли бағдарлама болмақта.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы бағдарламасындағы ўазыйпалардың бири – шаңарақларға тән әдеп-икрамлықты беккемлеў ҳәм миллий менталитетимизге улыўма жат болған ҳәр түрли кери тәсирлерге қарсы турыўда шаңарақтың ролин күшейтиў, шаңарақтың руўхый-ҳуқықый машқалаларын шешиў, медициналық саўатлылығы ҳәм мәдениятын арттырыў, турақлы турмыс тәризи, репродуктив саламатлыққа қаратылған тәрбиялық жумысларды жеделлестириў болып табылады.

Конференция даўамында усындай мәселелер менен бир қатарда бүгинги күнде шаңарақлардағы ажырасыўлар, ерте неке қурыў ҳәм шаңарақта перзент тәрбиясы мәселеси ҳәм бул бағдарда пайда болып атырған машқалалар бойынша қызғын пикир алысыў болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги