Ҳәзирги ўақытта тутыныў товарлары ҳәм дәри-дәрмақлар, әсиресе, халықтың рационына кем-кемнен кирип баратырған биоактив қосымшалардың жоқары сапаға ийе болыўы әҳмийетли мәселе болып есапланады. Сонлықтан, бажыхана уйымлары тәрепинен сапасы кепилленбеген товарлардың нызамсыз ҳәрекетлерин анықлаў ҳәм оған шек қойыў мақсетинде системалы түрде арнаўлы илажлар өткерип келинбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының  мағлыўматларына қарағанда, басқарманың Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери тәрепинен, басқа да тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте усындай оператив илаж өткерилди.

Илаж даўамында пуқара Қ.З. «шәртли қарыйдар»ға улыўма баҳасы дерлик 66 миллион сумлық 420 дана “Samyun Wan” атамасындағы сапасы кепилленбеген биологиялық актив қосымшаларды сатып атырған ўақтында қолға алынды.

Ҳәзирги ўақытта усы факт бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги