Елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў, жәмийетте педагог хызметкерлер кәсибиниң абырайын арттырыў, маман кадрлар таярлаў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Тараўда мийнет етип атырған жумысшы-хызметкерлердиң социаллық-экономикалық, ҳуқықый мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған избе-из ис-ҳәрекетлер де итибарға ылайық.

Билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлериниң кәсиплик аўқамы қурылтайында бул бағдардағы жумыслар талланды.

Билимлендириў, илим ҳәм мәденит хызметкерлериниң кәсиплик аўқамы системасында 2016-жыл 1-январь жағдайында басланғыш шөлкемлер саны 17 636 ны қураған болса, 2020-жыл 1-июль жағдайында 18 231 болды. Бул көрсеткишлер билимлендириў, илим, мәденият ҳәм спорт тараўындағы реформалардың нәтийжеси болып табылады.

Өткен бес жылда тармақ системасындағы кәсиплик аўқам шөлкемлериниң социаллық шериклик, социаллық қорғаў ҳәм мийнет қатнасықларын тәртипке салыў мәселелеринде ҳуқық ҳәм ўәкилликлерин кеңейтиў бойынша жумыслар даўам еттирилди. Усы мақсетте социаллық ҳәм мийнет қатнасықларын тәртипке салыўдың өзине тән өлшемине айланған «социаллық шериклик» принципине тийкарланған ҳалда салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда, 2019-жылдың декабринде болып өткен ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаўларда тармақ кәсиплик аўқамының 18 ўәкили халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм қалалық  Кеңеслериниң депутат етип сайланды.

Есабат дәўиринде билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўлары хызметкерлери жумысының нәтийжелилигин арттырыў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди. Мийнет нызамшылығына тийисли көплеген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ислеп шығылыўында да Олий Мажлис Нызамшылық палатасы және Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша парламентлик комиссия менен тығыз бирге ислесилди.

Хызметкерлердиң жыллық мийнет дем алысына тийисли ҳүжжет Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги менен биргеликте ислеп шығылды. Ҳүжжетти ислеў процесси бир қанша додалаўларға себеп болды. Айырым өзине тән өзгешеликли, яғный аўыр диагнозлы балалар тәрбияланатуғын мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң мийнет дем алысы 42 жумыс күнинен 24 жумыс күнине азайыў жағдайы жүзеге келди. Бирақ Мектепке шекемги билимлендириў және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрликлерине Республикалық кеңес тәрепинен етилген рәсмий мүрәжатлар нәтийжесинде 42 жумыс күнинен ибарат жыллық мийнет дем алыслары тикленди.

Тийисли министрликлер менен дүзилген тармақ келисимлеринде усы өлшемниң беккемлиги ҳәм сол тийкарда барлық мийнет шәртнамаларына киргизилгенлиги, мийнет шәртнамасы шәртлерин өзгертиўге хызметкердиң разылығысыз жол қоймаў жағдайлары додаланды. Бул жағдайлар кәсиплик аўқам ағзаларын мийнет ҳуқықлары, соның ишинде, инсан ҳуқықлары бузылыўының алдын алыўға хызмет етеди.

Есабат дәўиринде 30 аслам судларда Республикалық кеңес қәнигелери белсене қатнасып, жумысшы-хызметкерлердиң бузылған ҳуқықлары тиклениўине ерисилди. Мәжбүрий мийнетке жол қоймаў бағдарында кәсиплик аўқам белсендилериниң ҳуқықый мәдениятын арттырыў мақсетинде билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы районлық ҳәм қалалаық кеңеслериниң баслықлары, 7 мыңнан аслам басланғыш кәсиплик аўқам комитетиниң баслықлары ушын арнаўлы оқыў шынығыўлары шөлкемлестирилип, мәжбүрий мийнетке жол қоймаў, олардың миллий ҳәм халықаралық мийнет стандартларына байланыслы билим ҳәм көнликпелери арттырылды.

Басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлери ҳәм ағзаларын хошаметлеў, олардың жумыс тәжирийбелерин ен жайдырыў мақсетинде турақлы түрде «Ең үлгили басланғыш шөлкем», «Электр энергиясы ҳәм жанылғы энергетика ресурсларын үнемлеў бойынша ең жақсы басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеми», «Мийнетти қорғаў бойынша жәмийетлик қадағалаўды ең жақсы шөлкемлестириў» бойынша республикалық таңлаўлар турақлы түрде өткерилди.

Тармақ кәсиплик аўқамы халықаралық ҳәм сырт ел кәсиплик аўқамлары менен өз-ара байланысларда белсене қатнасты.

Билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлериниң кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң кең қамтыўлы екени системаны басқарыўда бир қатар машқалаларды келтирип шығаратуғын еди. Атап айтқанда, кәсиплик аўқам ағзаларына талап дәрежесинде хызмет көрсетиў, ишки ҳәм сыртқы туризмди әмелге асырыў, кәсиплик аўқам белсендилери менен мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт –саламатландырыў илажларын өткериў, оларға материаллық жәрдем бериў, хошаметлеў, хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын саламатландырыў,  ағзалардың ҳуқықый билимин арттырыўда қыйыншылықлар бар еди, жағдай бул бағдарларды өз алдына тармақ шөлкемлестириў арқалы шешиўди талап ететуғын еди.

Сонлықтан, жаңа тармақ шөлкеми – Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәисплик аўқамын дүзиў мақсетке муўапық, деп табылды және оның шөлкемлестириў қурылтайы өткерилди.

Шөлкемлестириў қурылтайында Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалың кеңеси ҳәм тексериў комиссиясының ағзалары сайланды. Тармақ кәсиплик аўқамы уставының жаңа басылымы додаланды ҳәм келеси бес жылға мөлшерленген стратегиялық бағдарлар тастыйықланды.

Қурылтайда Билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесине Равшан Бедилов, Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесине Шуҳрат Деҳқонов баслық етип сайланды.

 

ӨзА