Аўғанстан Ислам Республикасыгың сыртқы ислер министри Ҳаниф Атмар басшылығындағы делегация 28-29-август күнлери елимизде болып, Ҳүкимет, сондай-ақ, сыртқы ислер, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрликлери және басқа уйымларда бир қатар илажларда қатнасты.
Сапар бағдарламасына бола, дәслеп Өзбекстан ҳәм Аўғанстан сыртқы сиясат уйымларының басшылары арасында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда сиясий, саўда-экономикалық, энергетика, транспорт, байланыс ҳәм басқа тараўлардағы мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң жағдайы және перспективалары додаланды.
Сөйлесиў даўамында еки ел арасындағы сиясий пикир алысыўды және де күшейтиў, атап айтқанда дос аўған жеринде турақлы тынышлық орнатыў жолында биргеликтеги ис-ҳәрекетлерди раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов бул ушырасыўдың әҳмийетли тәреплерин атап өтип, Өзбекстан туўысқан аўған халқы менен көп жыллық дослық байланысларын беккемлеўден мәпдар екенин атап өтти. Гезектеги күн тәртиби де әҳмийетли ҳәм кең қамтыўлы екенин атап өтип, регионның улыўма раўажланыўы ушын жүдә зәрүр болған Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў жолындағы бирге ислесиў тез арада өз нәтийжесин беретуғынына исеним билдирди.
Министрлер жоқары дәрежедеги еки тәреплеме қатнасықлар шеңберинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Өз гезегинде, Аўғанстан сыртқы ислер уйымының басшысы мәмлекет басшысының қызғын сәлемин жеткерип, Ғәрезсизлигимиздиң 29 жыллығы байрамы мүнәсибети менен жақсы тилеклерин билдирди. Ҳаниф Атмар Президент Шавкат Мирзиёевқа Өзбекстанның Аўғанстанда тынышлық ҳәм социаллық-экономикалық қайта қурыўға ерисиў жолындағы жедел қоллап-қуўатлаўы және ис-ҳәрекетлери ушын терең миннетдаршылық билдирди.
– Өзбекстанның Аўғанстанға шын кеўилден дослық мүнәсибети, регионда тынышлық ҳәм татыўлықты орнатыў жолындағы избе-из басламалары, қалаберди, туўысқан аўған халқын коронавирус пандемиясы себепли жүзеге келген оғада қыйын шараятта бир неше мәрте инсаныйлық жәрдеми менен қоллап-қуўатлағаны ушын шексиз миннетдаршылық билдиремиз, – деди Ҳаниф Атмар. – Бүгинги күнде бирге ислесиўимиздиң жедел раўажланып атырғанынан қуўанышлымыз. Мәмлекет басшылары өз-ара байланысларды ҳәр тәреплеме кеңейтиўге айрықша итибар берип атыр. Усы сапардан гөзленген мақсетлер де, мине усы Президентлеримиз тәрепинен бәлгилеп берилген ўазыйпаларды әмелге асырыўдан ибарат.
Тәреплер барлық тараўлардағы көп қырлы бирге ислесиўдиң жоқары тезликте даўам етип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Сөйлесиў даўамында Өзбекстан-Аўғанстан күн тәртибиндеги басқа мәселелер де көрип шығылды.
Аўғанстанлы мийманлар елимизге сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзақов пенен ушырасты. Сырт ел делегациясы қурамынан, сондай-ақ, АИР Президентиниң администрациясы, Транспорт министрлиги, Санаат ҳәм саўда министрлиги, Орайлық Банк басшылары да орын алған еди.
Ушырасыў ўақтында еки ел арасындағы саўда-экономикалық, инвестиция, транспорт ҳәм логистика бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелери, сондай-ақ, Аўғанстанда энергетика, темир жол қурылысы, саўда ҳәм инфраструктураны раўажландырыў тараўларында бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды.
«Сурхан-Пули-Хумри» электр узатыў линиясының қурылысын жеделлестириў ҳәм тийисли келисим жойбары үстинде ислесиў, Халықаралық автотранспорт бойынша келисим жойбарын имзалаўға таярлаў шеңберинде экспер сөйлесиўлерин өткериў мәселелери дыққат орайында болды.
Темир жол транспорты тараўында бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў арқалы транспорт жолларын раўажландырыўда бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.
Саўда айланысын арттырыў, атап айтқанда, трансшегаралық саўданы кеңейтиў ҳәм еки мәмлекет базарына тез сатылатуғын аўыл хожалығы ҳәм санаат өнимлерин жеткерип бериўди шөлкемлестириў мақсетинде тийисли инфрсатруктураны раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў бойынша бирликтеги илажларды ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.
Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме келисимлердиң сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў және жүзеге келетуғын барлық мәселелерди оператив шешиў мақсетинде турақлы байланыслар механизмин енгизиўге де келисип алынды.
Өзбекстан менен Аўғанстан арасындағы экономикалық бирге ислесиўдиң тереңлесиўи Орайлық Азия регионында турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.
Ушырасыў соңында «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ ҳәм «Da Afghanistan Breshna Sherkat» компаниясы арасында Аўғанстанға 10 жыл даўамында электр энергиясын жеткерип бериў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы