Президентимиздиң басламасы пенен Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен елимиздиң барлық аймақларында «Жанажан журтымның абатлығына өз үлесимди қосаман» сүрени астында «Абат шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳәлле» принциплерин әмелиятқа енгизиўге қаратылған 3 айлық ҳәрекет жәрияланып, оның шеңберинде бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Бул ҳәрекеттиң тийкарғы мақсети – 2020-жылдың июнь-август айларында пуқаралар жыйынлары аймағында жасайтуғын жәрдемге мүтәж шаңарақлардың, жалғыз баслы, майыплығы болған, бағыўшысынан айырылған нуранийлердиң машқалаларын ҳәм жасаў жағдайын үйрениў, турақ жайларында киши оңлаў жумысларын әмелге асырыўдан ибарат. Сондай-ақ, турақ жайларды, көшелер ҳәм мәҳәллелерди абат етиў, бундай жәмийетлик илажларға жумыссыз пуқараларды тартыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў болып табылады.

Бул бағдардағы алып барылыўы керек болған илажларды өз ўақтында нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде ҳәр күнлик мағлыўматларды муўапықластыратуғын штаб ҳәм жумысшы топарлар шөлкемлестирилди. Оларға абаданластырыў мақсетинде июнь-август айларында халық арасында үгит-нәсиятлаўға ҳәм әмелий жумысларды алып барыўға қаратылған ўазыйпалар белгилеп берилди. Соның менен бирге, республикамыздың қала ҳәм районларында ҳәким орынбасарларының басшылығындағы штаблар жумысы жолға қойылды. Қарақалпақстан бойынша жумыс алып барып атырған 413 пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы усы ийгиликли ҳәрекетти әмелге асырыў жолында бирлести.

Атап айтқанда, «Абат шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳәлле»  ҳәрекетине старт берилген күннен усы дәўирге шекем 12 мыңға шамалас көше ҳәм ишки жоллар оңланды. 137 мыңнан аслам декоратив тереклер тәртипке келтирилип, 1 мың 200 тонна турмыслық шығынды тийисли орынға шығарып тасланды. Сондай-ақ, 1008,4  километр узынлықтағы жап-салмалар тазаланды. 33 мыңнан аслам шаңарақлардың турақ жайларында оңлаў жумыслары алып барылды. Өткенлердиң руўҳын шад етиў халқымыздың қанына сиңген пазыйлет болып табылады. Сонлықтан, пуқаралар жыйынлары белсендилериниң басламасы менен аймақлардағы 469 қойымшылық ҳәм зыяратлаў орнында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.

Мәҳәлледе жасайтуғын халықтың аўызбиршилиги, қоңсышылықтың беккемлиги, мәҳәлледе миллий үрп-әдетлер ҳәм дәстүрлердиң даўам етиўи, мәҳәлле халқының арасында «Устаз-шәкирт» дәстүриниң болыўы, аймақтағы халықтың бәнтлиги тәмийинленгенлиги, халықтың бирлемши мәплери ушын нанбайхана, дәрихана, оқыў орайлары, гөзаллық салоны ҳәм басқа да түрдеги турмыслық хызмет көрсетиў объектлериниң, балалар ушын ойын, спорт майданларының болыўы ҳәм олардың белгиленген талапларға жуўап бериўи, мешит, қойымшылық ҳәм зыяратлаў орынларының абаданлығы, үйлердиң ҳәм ишки көшелердиң көркемлиги, социаллық тараў объектлериниң санитариялық қағыйдаларға жуўап бериўи «Абат шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳәлле» принциплериниң тийкарғы нормалары болып табылады.

Елимизде усы 3 айлық ҳәрекеттиң әмелге асырылыўы нәтийжесинде халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сапасы және де артып, мүнәсип социаллық-турмыслық шараятлар жаратылмақта. Ҳәр бир мәҳәлледе халықтың турақ жайлары  ҳәм көшелер абаданластырылып, мәҳәллелер үлгили жағдайға келтирилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы