Усы жыл 27-август күни Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң  он биринши  сессиясы болып өтти.

Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, райондағы 4 сектордың басшылары, пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибинде быйылғы жылдың 20-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район халқының жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде мийнет еткен жумыссыз пуқараларды жумысқа жайластырыў мәселелери бойынша район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Аманов ҳәм районлық бәнтликке көмеклесиў орайының директоры А.Хайтбаев шығып сөйледи.

Сондай-ақ, сессия даўамында улыўма орта билим бериў мектеплеринде пандемия ўақтында оқыўды баслаў бойынша усы жылдың 25-26-август күнлери ата-аналар менен өткерилген сораўнамалардың жуўмақлары ҳаққындағы, ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў, суў бармаған аймақларға алып барыў ҳәм қарыздарлықты басқышпа-басқыш қысқартыў бойынша мәселелер додаланды.

Сессияда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги