Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-августтағы «Лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, 2020-жылда мүддети питкен барлық лицензия ҳәм рухсат бериў дәрежесине ийе болған ҳүжжетлердиң әмел етиў мүддети 2021-жылдың 1-январь сәнесине шекем узайтылған еди.

 

Сондай-ақ, пәрман тийкарында, олардың мүддети питкенлиги мүнәсибети менен жуўапкершиликке тартыў ҳәм басқа шаралар қолланыўға жол қойылмайтуғынлығы белгиленген еди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги 2020-жылда мүддети питкен лицензия ҳәм рухсат бериў дәрежесине ийе болған басқа да ҳүжжетлери болған транспорт басқарыўшыларды арқайынлыққа берилмей, жолда ҳәрекетленгенде мүддети питкен лицензиясын өзлери менен бирге алып жүриўи кереклигин ескертеди. Егер де мүддети питкен лицензиясы транспорт басқарыўшысының қасында болмаса, ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылатуғынлығы атап өтилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.