Хожели районында 2020-жылдың туқымлық ушын егилген пахта майданларында апробация өткериў, сапалы туқымлық қорын жаратыў мәселелерине бағышланған семинар болып өтти.

Оған аўыл хожалығы шөлкемлери ҳәм кәрханалары, фермер хожалықларының басшылары, Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Хожели районлық бөлиминиң хызметкерлери, «Агросанааат комплексинде хызметлер көрсетиў орайы» МУК, «Хожели пахта тазалаў» АЖ жуўапкер қәнигелери қатнасты.

Атап өтилгениндей, ҳәр жылы пахтаның жетилиўи ўақтында туқымлық ушын егилген пахта атызларының сортына баҳа бериледи. Пахта апробациясына байланыслы қолланба бойынша, апробация өткериў дәўиринде туқымлық қорын жаратыў ушын ҳәр қыйлы кеселликлерге шалынбаған ҳәм зыянкеслерден зыянланбаған өнимдарлы, сортының тазалығы жоқары болған атызлар таңлап алынады.

Семинарда пахтаның сортын анықлаў бойынша апробация өткериў ҳәм ҳүжжетлерди рәсмийлестириў тәртиби, пахта сортларын дурыс жайластырыў ҳәм сапалы туқымлық қорын жаратыўда пахта апробациясының мақсети ҳәм ўазыйпалары түсиндирилди. 2020-жылғы мәўсимде туқымлық пахтаны қабыллаў ҳәм хожалықларды таңланған туқым менен тәмийинлеў бойынша «Хожели пахта тазалаў» акционерлик жәмийетиндеги таярлық жумысларының барысы ҳәм басқа да тараўға байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги