Ҳәзирги ўақытта абитуриентлер жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ушын тест сынақлары ҳәм дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханларға таярлықлар көрмекте. Бүгинги пандемия шараятынан келип шығып, тест имтиханларын өткериў абитуриентлер ҳәм қадағалаўшылар ушын эпидемиологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўде стадионларда өткериў белгиленген.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының қабыллаў режеси Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-июньдеги «2020-2021-оқыў жылында Өзбекстан республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарары менен жәми 300 студент қабыл етилиўи режелестирилген. Соннан күндизги бакалаврият тәлим бағдарына 225 орын ажыратылған болып, соның 31 орыны грант, 194 орын төлемли контракт тийкарында қабылланыўы белгиленген. Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, филиалда  быйылғы оқыў жылынан баслап сыртқы билимлендириў бағдары ашылды. Сыртқы билимлендириў бағдарларына ажыратылған 75 орынның барлығы төлемли контракт тийкарында әмелге асырылады.  Оқыў орнына ҳүжжет тапсырыў онлайн тәризде яғный, белгиленген тармақлар арқалы әмелге асырылды. Бүгинги күнде күндизги бөлимге 1484, сыртқы бөлимге 866  жәми 2350 абитуриент дизимнен өтти.

Филиалда жаңа оқыў жылы ушын 9 бакалавриат тәлим бағдарларының 2 тәлим жөнелиси тест сынақлары арқалы, ал қалған 7 бакалавриат тәлим бағдарлары дөретиўшилик (кәсиплик) имтихан арқалы оқыўға қабыл етиледи. Дөретиўшилик имтиханлар пайтахтымыздағы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде болып өтеўи белгиленген. Дөретиўшилик имтиханларды ашық-айдын ҳәм жәриялылық тийкарында өткериў мақсетинде комиссия ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен ҳәр бир қәнигелик бойынша буйрық тийкарында қамтылады. Дөретиўшилик имтиханларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша абитуриентлер, олардың ата-аналары ушын барлық шараятлар жаратылған. Ата-аналардың имтихан процесин бақлап барыўы ушын имтихан өткерилетуғын аудиториялар арнаўлы камера ҳәм мониторлар  менен тәмийинленген.

Филиал абитуриенлери ушын дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар усы жыл 2-19-сентябрь күнлери аралығында өткерилиўи режелестирилген.

Атап айтқанда, 2-3-сентябрь күнлери «Профессионал тәлим: Халық дөретиўшилиги  (Вокал атқарыўшылығы)», 4-5-сентябрь күнлери «Халық дөретиўшилиги: (Қосық ҳәм аяқ ойын)», 6-7-сентябрь күнлери «Техноген көркем өнери (Кино, телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы)», 8-9-сентябрь күнлери «Кино-телеоператорлық», 10-11-сентябрь күнлери «Көркем өнертаныў (Саҳна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы)», 12-13-сентябрь күнлери «Режиссёрлық (Музыкалы театр режиссёрлығы)», 14-17-сентябрь күнлери «Актёрлық көркем өнери (Музыкалы театр актёрлығы)», сондай-ақ, 18-19-сентябрь күнлери (сыртқы) «Көркем өнертаныў: (Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы)» тәлим бағдарларынан дөретиўшилик имтиханлар болып өтеди.

Бүгинги күнде дөретиўшилик имтиханлардың ашық-айдын болып өтиўи мақсетинде реже тийкарында белгиленген жумыслар алып барылмақда. Бәрше абитуриентлерге тест сынақлары ҳәм дөретиўшилик имтиханларынан табыслы өтип, студент болыў бахтына ерисиўине тилеклеслик билдиремиз.

 

А.Оразов,

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы Билимлендириўдиң

сапасын қадағалаў бөлим бас қәнигеси.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги