ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ

Мәмлекетимизде пандемия шараятынан келип шығып, жоқары оқыў орынларында оқыў процесиниң үзлисизлигин тәмийинлеў ҳәмде студент-жаслардың билим алыўын аралықтан методикалық қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жыл 1-апрель сәнесинен баслап, республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынлары сыяқлы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында аралықтан оқытыў платформалары шөлкемлестирилди.  Бунда модуль системасында тәлим бағдарлары ҳәм қәнигелик пәнлери бойынша электрон ресурслары жаратылды. Әлбетте, аралықтан оқытыў платформаларының шөлкемлестирилиўи үзликсиз билимлендириў системасын тәмийинлеў менен бирге виртуал әлемде окытыўшы ҳәм студент-жаслар аудиториясының пайда болыўына тийкар  жаратты.

Пандемия шараятында аралықтан оқытыўды жолға қойыўда филиал жәмәәти шөлкелекенлик түрде жумыс алып барды. Атап айтқанда, аралықтан оқытыўда онлайн оқыў платформасын енгизиў, сондай-ақ, электрон оқыў ресурсларын талап дарежесинде ислеп шығыў бойынша исши топар дүзилип, модуль системасында аралықтан оқытыў платформасы жаратылды. Жасырарлығы жоқ, онлайн фарматта оқытыў технологияларын турмысқа енгизиўде бир қатар кемшиликлерде болды. Бул бағдардағы жумысларды сапластырыў ҳәм онлайн оқытыў системасын сапалы шөлкемлестириў мақсетинде филиал педогог кадрлары ушын аралықтан билимин жетилистириў курслары шөлкемлестирилди.

Республикамыздағы ҳәзирги эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасындағы жоқары оқыў орынларында оқыў процесин сапалы шолкемлестириў ҳәм үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 2020-2021-оқыў жылы аралықтан оқытыў усылында басланыўы режелестирилген. Бул бағдарда филиалда жаңа оқыў жылына таярлық көриўде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 27-март сәнесинде қабыл етилген «Жоқары оқыў орынларында аралықтан оқытыўды енгизиў ҳаққында»ғы 233-санлы буйрығында белгиленген ўазыйпаларға тийкар онлайн платформаға оқыў режеде белгиленген пәнлер бойынша сапалы ресурсларды жаратып, оқыў процесин онлайн шөлкемлестириўге итибар қаратылмақта. Профессор-оқытыўшылар тәрепинен жаңа оқыў жылында тәлим бағдарлары кесиминде оқытылатуғын барлық пәнлер платформаға жайластырылыўы бойынша натийжели жумыслар алып барылмақта. Бунда тәлим бағдарлары ҳәм қәнигелик пәнлер бойынша электрон ресурсларға қойылатуғын талаплардан келип шығып, лекция, әмелий ҳәм слайд, темаларды беккемлеў ушын тест сораўлары, интернет ресурслары, әдебиятлар дизими, аудио ҳәм видеоматериаллар, аралық ҳәм жуўмақлаўшы қадағалаў тестлер жайластырылыўы белгиленген.

Филиалда студент-жаслардың мәлимлеме ресурс орайынан пайдаланыўына айрықша итибар қаратылған. Мәмлимлеме-ресурс орайының улыўма китап фонды 14262, соннан сабақлықлар 2240, оқыў қолланбалар 3685, көркем әдебиятлар 5100 ҳәм басқа түрдеги оқыў әдебиятлар саны 2483ти қурайды. Студент-жаслардың оқыўлық ҳәм көркем әдебиятлардан пайдаланыўы бойынша олардың электрон нусқалары жаратылып, t.me/uzdsminf_arm телеграмм каналына жайластырылды.

Әлбетте, аралықтан оқытыў системасы жаңадан енгизилген технология емес. Раўажланған мәмлекетлер жоқары билимлендириў тараўы әллеқашан бул усылдан пайдаланбақта. Сонлықтан ҳәзирги эпидемиологиялық жағдайда үзликсиз билимлендириў системасын алып барыўда аралықтан оқытыўдың сапасын арттырыў әҳмийетли болып табылады.

А.Оразов,

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы БСҚБ бас қәнигеси.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги