Елимизде пахта санаатын раўажландырыўға салмақлы үлес қосқан инсан, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери Атаулла Маткаримович Худайбергенов 80 жасында дүньядан өтти.

А.Худайбергенов 1940-жылы Төрткүл  районында белгили шаңарақта туўылып камалға келди.

Ол пахта санааты тараўындағы мийнет жолын 1960-жыллардан баслады.  1966-1975-жыллары Төрткүл пахта тазалаў заводына, 1975-1986-жыллары Қарақалпақпахтасанааты трестине жемисли басшылық етти.  1998-2007-жыллары Қоңырат пахта тазалаў кәрханасын басқарды.

Ол  мийнет сүйгишлиги, өз исине пидайылығы, тараўдың экономикасын, материаллық-техникалық базасын көтериўдеги  искерлиги менен айрықша көзге түсти.

Ҳақ кеўил инсан, әдиўли әке, меҳрийбан устаз Атаулла аға Худайбергеновтың естелиги жүреклеримизде бәрқулла сақланып қалады.

Атаулла Худайбергеновтың  шаңарағына, перзентлерине ҳәм туўған-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.

Хош бол, Атаулла аға!

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги