«Жаслар-2020: глобал тилеклеслик, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықлары» темасындағы инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд веб-форумы өз жумысын жуўмақлады.

Әнжуманның үшинши ҳәм төртинши жалпы мәжилиси қатнасыўшылары белгиленген темалар шеңбериндеги баянатларды тыңлап, қызғын додалап, пикир-усыныслар билдирди.

Дәслеп, «Жаслар ушын инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириў» темасында БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары басқармасы, Европа Кеңесиниң Жаслар бойынша мәсләҳәтши Кеңеси, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы қәнигелериниң баянатлары тыңланды.

11.jpg

Сондай-ақ, ЕҚБШның ДИИҲБ Жаслар муўапықластырыў орайы, Инсан ҳуқықлары ҳәм гуманитарлық ҳуқық бойынша Пол Уолленберг институтының Европа бөлими, Африкалы балалардың дөретиўшилик билимлендириў бойынша қоры, ЮНЕСКО сыяқлы абырайлы халықаралық структуралардың ўәкиллери, Индонезия, Тәжикстан мәмлекетлери экспертлериниң шығып сөйлеўлери де үлкен қызығыўшылық пенен күтип алынды.

БМШ Халықтаныў қоры (ЮНФПА)ның Өзбекстандағы ўәкили Ю.Ю ҳәм Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң ректоры Раҳим Ҳакимов модераторлық еткен мәжилис жуўмағында Жаслар ҳуқықлары билимлендириўи тараўындағы халықаралық тәжирийбени таллаў ҳәм инсан ҳуқықлары мәселелеринде жаслардың саўатлылық дәрежесин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Форумның соңғы жалпы мәжилиси ушын «Тынышлық ҳәм қәўипсизликти алға қойыўда жаслардың роли: 2030-жылға шекем және де қәўипсизлеў келешекке нәзер» темасы таңланған еди. ЕҚБШның жаслар бойынша  кеңесгөйи Анастасия Фуско ҳәм Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги директоры Алишер Саъдуллаевтың басқарыўында өткен мәжилис Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиўге ҳәр тәреплеме қатнас жасаўды беккемлеўде жаслардың ролин арттырыўға бағышланды.

5 (3).jpg

Мәжилисте ЕҚБШ Жаслар ҳәм Қәўипсизлик мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Кейси Сефери, Аўғанстан ғәрезсиз инсан ҳуқықлары комиссиясының баслығы Шаҳарзод Акбар, Өзбекстан Республикасы Олий мәжилиси Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң баслығы Абдулла Аслонов, ЮНФПАның Орайлық Азия бойынша халықаралық  бағдарламалардың муўапықластырыўшысы Медер Омурзақов ҳәм басқалар да баянат жасады.

Пикир-таласлар, додалаў ҳәм сораў-жуўапларда жаслардың тийкарғы итибары Инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириўдиң мәниси, бул бағдардағы халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, ҳуқық бойынша билимлендириўге байланыслы заманагөй бағдарламалар жаратыў, миллий, регионналлық ҳәм халықаралық көлемде енгизиўге бағдарланған усыныслар ислеп шығыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге қаратылды.

«Жаслар 2002: глобал көлемдеги тилеклеслик, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықлары» темасындағы инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд веб-форумы, әлбетте, үлкен  әҳмийетке ийе ўақыя болды.

1 (2).jpg

Илажда Өзбекстан Президентиниң басламасы менен ислеп шығылған Жаслар ҳуқықлары бойынша халықаралық конвенцияның жойбары кеңнен додаланды. Усы жойбардың жаратылыўы ҳәм Самарқанд форумы қатнасыўшыларының додалаўына усыныс етилиўи мәмлекетимиз өз басламаларын  тек сөзде емес, ал анық әмелий ҳәрекетлерде көрсетиўге ҳәрекет еткенин айқын дәлилейди.

Әнжуман соңында «Жаслар-2020: глобал тилеклеслик, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықлары» Самарқанд резолюциясы қабыл етилди.

8.jpg

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы