ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ АЛДЫНАН

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалында жаңа оқыў жылына таярлық мәселесине бағышланып ZOOM платформасы арқалы «Директор ҳәм жаслар» атамасында онлайн ушырасыў болып өтти.

Илажда филиал директоры Ф.Худайбердиев елимизде карантин илажларына қарамастан жоқары оқыў орынларын жаңа оқыў жылына таярлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 6-август күни болып өткен мәжилисте жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаўды шөлкемлестириў ҳәм 2020/2021 оқыў жылына таярлық көриў мәселелери кең түрде сөз болды. Ҳақыйқатында да, коронавирус пандемиясы жаңа оқыў жылында билимлендириў процесин шөлкемлестириўде бир қатар машқалаларды пайда етпекте. Солай да болса, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен барлық пән бойынша теориялық ҳәм әмелий сабақлардың санлы методикалық тәмийнатты ҳәм аралықтан турып билимлендириўге бағдарланған оқыў бағдарламаларын жаратыў жумыслары алып барылмақта.

Филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасқан онлайн ушырасыўда жаңа оқыў жылына таярлықтың барысы, аралықтан оқытыў платформасы бойынша кең түрде түсиник берилиди

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги