СУД ЗАЛЫНАН

Усы жыл 28-июль күни саат 23.00 шамасында өзине бекитилген «ГАЗ-3110» маркалы автотранспорт қуралын мәс ҳалында, ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз басқарып киятырған Нөкис қаласында жасаўшы, 1996-жылы туўылған Т.Т. суд тәрепинен тийисли жазасын алды.

Бул ҳаққында Нөкис қаласы Ҳәкимшилик судының баслығы Амангелди Салиев шолыўшымызға мәлим етти.

Бул пуқара «қайтып барар есигиңди қатты жаппа», деген нақылға қатты әмел ететуғын көринеди. Болмаса, автотранспорт қуралын мәс ҳалында, ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз басқарып, еки мәрте тийисли жазасын алған болса да, буннан жуўмақ шығармады. Анығырақ етип айтқанда, ол Нөкис районы Ҳәкимшилик судының 2018-жыл 25-октябрьдеги қарары менен 1 жыл 6 ай мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айрылған болса, Нөкис қаласы Ҳәкимшилик судының өткен жылдың 3-апрельдеги қарарына муўапық 15 сутка қамақ жазасына тартылған.

Халқымызда «гүзе күнде емес, күнинде сынады»,-деген гәп бар.  Елимизде карантин илажлары өткерилип атырғанлығына қарамастан усы жылдың 28-июль күни бул пуқара Нөкис қаласы Қарақалпақстан көшесинде өзине бекитилген автомашинаны мәс ҳалында, ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз басқарып киятырғанында, жол-патрул хызмети хызметкерлериниң тоқтаў белгисине бойсынбастан айдап кетген.  Нәтийжеде арадан көп ўақыт өтпей Дослық гүзары көшесинде тоқтатылған.

Бул бойынша топланған ис Нөкис қаласы Ҳәкимшилик судының усы жылдың 11-август күнги ашық суд мәжилисинде көрип шығылды. Ҳуқықбузарға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң тийисли статьялары менен үзил-кесил 15 (он бес) cутка қамақ жазасы тайынланды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы