Өткен күни АКБ Туран Банкиниң Нөкис филиалы қәўендерлик илажларын өткерди. Филиал басқарыўшысы С.Ўтемуратов ҳәм Шоманай районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Б.Янгибаевлар районлық медицина бирлеспесине барып, коронавирус инфекциясына қарсы  гүресип атырған район шыпакерлерине ҳармасын айтып, әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Медициналық бирлеспеге олар тәрепинен қәўендерлик ретинде 3 дана кислород концентраторлары тапсырылды.

  • Бүгин районымыздағы «GOLDEN HOUSE» ЖШЖ тәрепинен қәўендерлик сыпатында берилген 3 дана кислород концентраторлары район ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм район прокуроры М.Оразбаевлардың қатнасыўында тапсырылды,-дейди медициналық бирлеспениң бас шыпакери ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы С.Адакаев. – Районымызда 3 аўыллық шыпакерлик поликлиникасы, 2 аўыллық шыпакерлик пункти, 1 көп тармақлы поликлиника ҳәм 140 орынлық 1 емлеўхана ислеп турыпты.

Бул мәкемелерде 88 шыпакер күни-түни халықтың денсаўлығын сақлаў жолында аянбай мийнет етпекте. Қәўендерлер тәрепинен берилген кислород концентраторлары ҳәзир биз ушын коронавирусқа қарсы гүресиўде жүдә зәрүр еди. Берген қалыс жәрдеми ушын қәўендерлерден миннетдармыз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги