Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’zLiDeP фракциясының ағзасы Д.Утамбетов ҳәм Нөкис районлық Кеңесиниң депутаты А.Қартжановлардың  жәрдеми менен «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қызыл үй» аўылына «Uzmobile»  антеннасы орнатылып берилди.  

Аймақ турғынлары көп ўақытлардан бери телефон ҳәм Интернет байланысының төменлигинен қыйналып келген еди. Машқаланы унамлы шешип бериўди сорап сайлаўшылар усы аймақтан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’zLiDeP фракциясының ағзасы Дүйсенбай Утамбетов ҳәм Нөкис районлық Кеңесиниң депутаты Айназар Қартжановларға мүрәжат етти.

Халық ўәкиллери карантин қағыйдаларын сақлаған ҳалда машқаланы орнында үйренип, сайлаўшылар менен жүзбе-жүз пикирлести. Мәлим болғанындай, аймақ турғынлары  үш жылдан бери тийисли орынларға хабарласып келген. Деген менен, машқала усы күнге шекем шешимин таппаған.

Мүрәжатты ҳәр тәреплеме үйренип шыққан депутатлар тийисли орынларға сораўнама жиберди. Нәтийжеде аймаққа «Uzmobile» антеннасы орнатылып, алыс аўыл турғынлары сапалы уялы телефон байланысы ҳәм Интернет тармағынан пайдаланыў мүмкиншилигине ийе болды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы