Елимизде қатаң карантин қағыйдалары қайтадан енгизигеннен соң Қайырқомлықларды муўапықластырыў орайының жумысы қайта тикленип, мүрәжатлар бойынша 1197  қысқа номери тағы да өз жумысын баслады.

Бул қысқа номерге Мойнақ районының 30 дан аслам турғынларынан 10-июльден бүгинги күнге шекем мүрәжатлар келип түскен. Соннан 26 пуқараның мүрәжаты толық қанаатландырылған болса, 6 мүрәжат үйренип шығылмақта. Сондай-ақ, райондағы социаллық жәрдемге мүтәж 60 шаңараққа карантин қағыйдаларына әмел етилген ҳалда зәрүр азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

Бундай қайырқомлық илажлары Елликқала районында да даўам еттирилип, райондағы 610 нан аслам социаллық қорғаўға мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақларға 12 түрдеги азық-аўқат өнимлери тарқатылды. Районның ең алыс аймақларынан болған «Шуқырқақ» мәҳәлле пуқаралар жыйыны халқына да зәрүрли азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы