Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў ағласы, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлериниң «Ҳүрмет жарлығы» ийеси, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, әдиўли устаз Рзаева Роза Камаловна өмирден көз жумды.

 

Роза Рзаева 1959-жылы 27-мартта Қарақалпақстан Республикасы Нөкис  қаласында туўылды. 1976-жылы Нөкистеги 1-санлы орта мектепти питкерип,  1976-1981-жыллар аралығында Нөкис мәмлекетлик университетиниң Роман-герман филологиясы факультетин питкерди. 1981-1982-жыллары инглис  тили  кафедрасының оқытыўшысы лаўазымында иследи. 1982-1983-жыллар  аралығында Ташкент мәмлекетлик университети инглис филологиясы  кафедрасында стажёр-излениўши болып оқыды. 1983-1987-жыллары  излениўши сыпатында  «Синтагматические особенности публицистического функционального стиля английского языка» (на материале текстов эссе) атамасында кандидатлық диссертациясы үстинде жумыслар алып барды. 1984-1994-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик университети Роман-герман  филологиясы факультети инглис тили кафедрасының оқытыўшысы болып иследи. 1994-жылдан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери кафедрасының үлкен оқытыўшысы, 1995-2010-жыллар аралығында институттың инглис тили кафедрасының баслығы лаўазымында жумыс алып барды. 2010-жылдан  баслап өмириниң ақырына шекем институттың инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасында үлкен оқытыўшы лаўазымында иследи ҳәм көплеген шәкиртлер таярлап, халық хожалығы ушын жоқары маманлыққа ийе кадрлар таярлаўда аянбай мийнет етти.

 

Роза Рзаеваны кең жәмийетшилик ўәкиллери қарақалпақ халқының әдебий дөретпелерин инглис тилине шебер аўдармалайтуғын белгили дилмаш сыпатында да жүдә жақсы таныйды.

 

Оның авторлығындағы «Issues of literary translation (Lyricism of the karakalpak poet I.Yusupov)», «Tasks in modern English lexicology», «English folklore for children», «Халық ардағына ерискен инсан» атамасындағы мийнетлери қунлы.

 

Терең билимли филолог ҳәм дилмаш ретинде Р.Рзаева 90 ға шамалас илимий мийнетлер, оқыўлық ҳәм методикалық қолланбалар және мақалалардың авторы болды.

 

Р.Рзаева өзиниң 40 жылдан аслам мийнет жолы даўамында Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы көкирек белгиси, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң «Ҳүрмет жарлығы», Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

 

Оның өмир жолы, илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыўға, жасларымыздың ҳәр тәреплеме кәмил инсан болып қәлиплесиўине, елимиз абырайының артыўына қосқан салмақлы мийнети келешек әўладлар ушын үлги болып қалады.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректораты ҳәм институттың барлық жәмәәти Роза Рзаеваның қайтыс болыўы мүнәсибети менен марҳумның шаңарақ ағзалары, туўған-туўысқанлары ҳәм барлық жақын инсанларына терең қайғырыў менен кеўил айтады.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректораты