Мәмлекетимиздиң белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткери, Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, шын мәнисиндеги ҳақықый инсан- Ерниязов Муса Тажетдиновичтиң қайтыс болыўы биз сырдәрьялылардың да жүреклеримизди ләрзеге салды.

Муса Тажетдинович Ерниязов өзиниң үлкен басшылық потенциалы, билими ҳәм тәжирийбеси, мәнаўий пазыйлетлери менен өзбек-қарақалпақ халықлары арасында бийтәкирар дослық қатнасықларын және де беккемлеўге үлкен үлес қосып келген, халқын, ўатанын сүйетуғын инсан еди. Муса аға қарақалпақ елиниң шын перзенти, миллеттиң исенимине ерисе алған ақсақалы еди.

Усы жылдың 1-май күни болып өткен «Сардоба» суў сақлағышы апатшылығы күни-ақ, Муса Тажетдиновичтиң басшылығындағы пүткил  қарақалпақ ели бириншилерден болып жәрдемге келди.

Тасқын себепли көрилген апатшылықты сапластырыўда ол адамның жеке өзи биз сырдәрьялылар менен ийинлес болып турғанлығы, тасқыннан зыян көрген турақ-жайларды Қарақалпақстан Республикасынан келген қурылысшы-инженер ҳәм жойбарлаўшылардың түп-тийкарынан қайта оңлаў жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўында жеке өзиниң пикирлери ҳәм жаңа усыныслары менен байытып, өзлерине бириктирилген аймақлардағы оңлаў, тиклеў, қайта қурыў жумысларында хызметлери үлкен болды.

Ўатанымызға, өзбек ҳәм қарақалпақ халықларына болған бийтәкирар муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде бәршемиздиң жүреклеримизде оның естелиги мәңгиликке сақланып қалынады.

Сырдәрья ўәлаятының ҳәкимлиги, халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң баслығы ҳәм барлық пуқараларымыздың атынан Өзбекстан Қаҳарманы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Ерниязов Муса Тажетдиновичтиң перзентлери, туўысқанлары, жақынлары ҳәм барлық қарақалпақ ҳалқына кеўил билдиремиз.

Әзиз ҳәм мийирим-шәпәәтли қарақалпақ халқы, қәдирли ўатанласлар, шын кеўилден билдирип атырған кеўлимизди қабыл етиң.

Сырдәрья ўәлаятының ҳәкимлиги