Қәдирли ўатанласлар!

Пүткил ислам дүньясы қатарында динге диянатлы, исеними беккем халқымыз үлкен ынтықлық пенен күтип алып атырған мүбәрек Қурбан ҳайыты менен сиз әзизлерди, елимиздеги барлық мусылман халқын шын жүректен қызғын қутлықлайман.

Әййемги тарийхымыз даўамында елимиздиң мәнаўий турмысында теңсиз орын ийелеп, жәмийетимизде өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт ҳәм кеңпейиллик принциплерин ҳәр тәреплеме турақлы сақлап киятырған бул қутлы байрам барлығымызға мүбәрек болсын!

Усы муқаддес әййямда сизлерге, пүткил ел-халқымызға саў-саламатлық, тынышлық-қәтержамлық, бахыт-ығбал тилеймен.

Дүнья мәмлекетлери қатарында елимизди де шетлеп өтпеген аўыр сынақ-коронавирус пандемиясы шараятында биз Қурбан ҳайытының жәмийетимиз турмысындағы теңсиз орнын ҳәм үлкен әҳмийетин және де терең сезбектемиз.

Әсиресе, бул қутлы байрамның мәнисинде жәмлескен ийгиликли ҳәм саўаплы ислер етип жасаў, өз-ара жәрдем, меҳир-сақаўат, сабыр-тақат, шүкиршилик, тынышлық ҳәм денсаўлықты қәдирлеўдей уллы пазыйлетлер бүгин айрықша әҳмийетке ийе.

Сол мәнисте, мине усындай муқаддес қәдириятларымыз бүгинги қыйын жағдайда ел-халқымызға қосымша күш-ғайрат, шыдам бермекте, десек, дурыс болады.

Мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз тәрепинен көрилип атырған барлық илажларға қарамастан, тилекке қарсы, ўатанласларымыз арасында усы кеселликтен қайтыс болып атырғанлар да болды. Олардың шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына шын жүректен кеўил билдирип, барлығына сабыр тилеймен, марҳумлардың жайлары жәннеттен болыўын Жаратқаннан сорап қаламан.

Әлбетте, пандемия себепли ғалабалық илажларды, соның ишинде Қурбан ҳайыты менен байланыслы мәресимлерди жәмәәт болып орынлаўда айырым шеклеўлер жүзеге келгенин ҳәзирги жағдайдың талабы сыпатында барлығымыз жақсы түсинемиз.

Муқаддес Қурани кәримниң бир неше жерлеринде қайыр-сақаўат, жақсылықтың сыйы тек ғана жақсылық екени айрықша атап өтилген. Бундай мәнили ҳикметлер бүгинги сынаўлы күнлерде жәмийетимизде мийрим-шәпәәт, сақаўат ҳәм мүриўбет, өз-ара татыўлық, аўызбиршилик орталығының күн сайын жоқарылап барыўы арқалы көзге тасланбақта.

Ҳақыйқатында, бул аўыр сынаўлы демлерде Алла тааланың өзи ийгиликли ҳәм саўап әмеллер ушын жаңа имканият есиклерин ашып бермекте. Атап айтқанда, пандемия себепли жумысынан, турақлы дәрамат дәрегинен үзилип қалған, жәрдемге мүтәж инсанларға жәрдем бериўди жерлеслеримиз өзлериниң адамгершилик миннети, деп қабыл етип атырғаны мақтаўға ылайық болып есапланады. Муқаддес ҳәдислерде келтирилгениндей, ҳақыйқый мусылман өзине ылайық көргенин достысына да ылайық көреди.

Әсиресе, ҳадал мийнети арқасында жыйнаған қаржыны ағайин-туўғанлары, қоңсысы ямаса жерлесиниң аўырын жеңил етиў ушын қалыс нийет пенен берген, мийрим-шәпәәтли, инсаплы ҳәм жанкүйер инсанларға Жаратқанның өзи сыйлығын береди, әлбетте.

Мине усындай уллы мәртебели жерлеслеримиздиң ис-ҳәрекетлери себепли елимизде шөлкемлестирилген «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық ҳәрекети бүгинги күнде ҳақыйқый мәниде қүдиретли күшке айланды.

Өткен қысқа ўақыт даўамында усы Ҳәрекет шеңберинде әмелге асырылған үлкен көлемдеги қайырқомлық илажлары ҳәм мийрим-шәпәәт әмеллери де соннан дәрек береди.

Мине усы ийгиликли ислеримиздиң логикалық даўамы сыпатында және пандемия дәўиринде турақлы дәрамат дәрегине ийе болмаған, кем тәмийинленген, жәрдемге ҳәм көмекке мүтәж халық қатламларын ҳәм шаңарақларды және экономиканы мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды буннан былай да күшейтиў мақсетинде бурын ажыратылған 10 триллион сум қаржыға қосымша түрде бүгин мен қол қойған Пәрманға муўапық, республикалық бюджеттен және дерлик 2,5 триллион сум қаржы қаратыў белгиленди.

Соның менен бирге, жәмийетимизде тынышлық, дослық, мийрим-шәпаат ҳәм аўызбиршилик идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлап киятырған диний тараўда хызмет етип атырған ўәкиллерди материаллық хошаметлеў және орынларда қайыр-сақаўат, мүриўбет бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды, жаўызлыққы қарсы – ағартыўшылық руўхындағы кең көлемли илажларды жаңа басқышқа көтериў ушын Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорына 150 миллиард сум қаржы ажыратылды.

Әзиз ўатанласлар!

Биз арзыў-нийетлери пәк ҳәм уллы халықпыз. Уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы ҳәзиретлериниң: «Мурады көптиң Ҳаққа исеними де көп болады», деген сөзлеринде терең мәни бар.

Жер жүзине Алланың рахмети жаўылып турған усы саадатлы әййямда дүньяның алыс-жақын еллериндеги барлық мусылманларды, сырт елли досларымыз ҳәм бирге ислесиўшилеримизди де Қурбан ҳайыты менен қызғын қутлықлап, оларға беккем тынышлық, турақлы раўажланыў тилеймен.

Сиз, әзиз ҳәм қәдирли ўатанласларымызды Қурбан ҳайыты менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.

Барлық пәк нийетлеримиздиң қабыл болыўын, Жаратқанның өзи ўатанымызды ҳәр қыйлы бәлелерден сақлаўын, аўызбиршилик, дослық ҳәм татыўлық сезимлеримиз буннан былай да зыяда болыўын сорап қаламан.

Жанажан Ўатанымызды, шаңарақларымызды тынышлық-абаданлық, қут-берекет ҳеш қашан тәрк етпесин!

Жақсы умтылысларымызда ҳәм жумысларымызда Алла таала бәрқулла мәдаткар болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти