Төрткүл районындағы исбилермен, ӨзЛиДеП белсендиси Мунира Каримбердиева 2014-жылдан берли «Аёзюрт» шаңарақлық кәрханасына басшылық етип келмекте. Оның кәрханасы ҳаяллар ҳәм балалар ушын кийим тигиўге қәнигелестирилген. Бирақ, ҳәзирги жағдайдан келип шығып, бул жерде төрт айдан берли медициналық нықаплар тигилмекте.

Жақында бул исбилермен карантин себепли жумыссыз қалған 5 ҳаял-қызды жумысқа алды. Ҳәзирги күнде кәрхана тәрепинен тигилген  медициналық нықаплар райондағы аптекаларға тарқатылмақта. Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

         Қарақалпақстан хабар агентлиги