Қоңырат районында 1 мың 419 турақлы дәраматын жоғалтқан ҳәм 995 кем тәмийинленген  шаңарақлардың дизими қәлиплестирилип, оларға мәнзилли жәрдемлер көрсетилмекте.

Усы илажларды әмелге асырыў ушын районда «Сақаўат ҳәм жәрдем» фондының районлық бөлими шөлкемлестирилип, оның арнаўлы есап бети ашылды.

– Районымыздағы қәўендер мәкемелердиң, шөлкемлер ҳәм кәрханалардың, сондай-ақ исбилерменлердиң қайырқомлық қәўендерликлери есабынан фондқа 685  миллион сумнан аслам қаржы жыйналды. Есап бетине түскен қаржылардың 276 миллион сумнан асламына социаллық қорғаўға мүтәж, көп балалы шаңарақларға, жалғыз жасайтуғын кекселерге, өз дәраматын жоғалтқан ўақтынша жумыссыз пуқараларға волонтёрлардың жәрдеминде азық-аўқатлық ҳәм санитариялық-гигиеналық затлар тарқатып берилди, -дейди Қоңырат районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң баслығы А.Ембергенов. -Сектор басшыларының басламасы менен 8 бас қарамал, 31 қой-ешки ҳәм мыңнан аслам таўықлар бийпул тарқатып берилди.

Сондай-ақ, «Гранд фарм трейд» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 166 шаңарақтың ҳәр бирине 1 миллион сумнан еки мәрте қайырқомлық жәрдем көрсетилди.               

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы