Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-июль күни жасырын экономиканы қысқартыў бойынша алып барылып атырған жумысларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Елимизде жасырын экономика дәрежеси жоқары. Сонлықтан кейинги жыллары бизнеске қосымша қолайлықлар жаратыў арқалы жасырын экономиканың үлесин азайтыў илажлары көрилмекте. Атап айтқанда, валюта базары еркинлестирилди, жаңа салық системасы енгизилди, 100 ге шамалас руқсат бериў ҳәм лицензиялаў қағыйдалары қысқартылды. Булардың нәтийжесинде кейинги  5 жылда өндиристе рәсмий емес сектордың үлеси  20 проценттен 6 процентке түскен.

Мәжилисте бул бағдардағы жумыслардың жетерли емеслиги атап өтилип, алдағы ўазыйпалар додаланды. Халықаралық шөлкемлердиң экспертлерин тартқан ҳалда, жасырын экономиканы қысқартыў бойынша стратегия ислеп шығыў тапсырмасы берилди.

Мәмлекетимиз басшысы жасырын экономикаға қарсы гүресиўде абайлы болыў, экономикалық жеделликке зыян жеткерип қоймаў, бул ушын мәмлекетлик уйымлар, бизнес ҳәм жәмийетшилик пенен бирге ислеўи әҳмийетли екенин атап өтти.

Салық реформаларын избе-из даўам еттирип, жасырын экономикаға жол қоймайтуғын системаны енгизиў ўазыйпасы қойылды. «Инсаплы салық төлеўши» системасын қәлиплестирип, усы жылдың ақырына шекем Ташкент қаласында әмелге асырыўға көрсетпе берилди.

Мәмлекетлик сатып алыўларда ҳәм инвестициялық жойбарларда коррупцияға шек қойыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Қаржы министрлигине бул  бойынша ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жәмийетлик қадағалаўды ҳәм бәсекени күшейтиў мақсетинде Мәмлекетлик сатып алыўлар мәлимлеме порталын иске қосыў тапсырылды.

Ендигиден былай ҳәр бир инвестициялық жойбардың коррупцияға қарсы экспертизадан өткерилетуғыны белгиленди. 2021-жылдан баслап бул система орайласқан қаржылар есабынан әмелге асырылатуғын барлық жойбарларға қолланылады.

Мәмлекетлик уйымларда да жасырын экономикаға ҳәм коррупцияға қарсы муўапықлық системасы енгизилмекте. Атап айтқанда, Қурылыс, Денсаўлықты сақлаў және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлеринде, «Өзбекнефтьгаз» ҳәм «Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийетлеринде бул бойынша жумыслар басланған. Жыл ақырына шекем және 14 шөлкемде ҳәм мәмлекетлик үлеске ийе 10 банкте усы системаны енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Тараўлар ҳәм бағдарлар кесиминде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша «жол карталары»н ислеп шығыў және орынланыўын додалап барыў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар ҳәм аймақларда коррупция ҳәм жасырын экономиканың рейтинг методикасы ислеп шығылатуғыны белгиленди. 2021-жылдан баслап усы рейтинг нәтийжелери жәрияланып барылады, сол тийкарда барлық басшылардың жеке жуўапкершилиги баҳаланады.

Мәжилисте бажыхана ҳәм салық системасына байланыслы мәселелер де көрип шығылды. Инсан факторына шек қойыў арқалы контрабанда ҳәм өнимлердиң бажыхана баҳасын жасалма төменлетиў жағдайлары үстинен бажыхана қадағалаўын күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Мәмлекетлик салық комитетине импорт товарларының кирип келиўи, бажыханадан өткерилиўи ҳәм сатылыўы бойынша бирден-бир базаны иске қосыў бойынша тапсырмалар берилди. Сондай-ақ, 2021-жыл 1-январьдан «Бажыхана аудити» мәлимлеме системасын енгизиў ўазыйпасы белгиленди.

Президентимиз жасырын экономиканы қысқартыў ушын адамлардың легал ислеўине жәрдемлесиў, оларды мәпдар етиў кереклигин атап өтти.

Мәселен, өзин-өзи бәнт етиў системасының әпиўайластырылғаны нәтийжесинде июль айының өзинде 184 мың пуқара рәсмий секторда жумыс ислеп баслады.

Бирақ, қурылыс, саўда, улыўма аўқатланыў, транспорт ҳәм басқа да хызмет көрсетиў тараўларында рәсмий емес бәнтлик дәрежеси еле жоқары. Улыўма, экономикада бәнт болған 10,5 миллион халықтың тек ғана 4,9 миллионы дәрамат салығын төлейди.

Мәжилисте бундай тараўлар бойынша мәнзилли ислеў, рәсмий емес жумыс ислеп атырған субъектлерди хошаметлейтуғын механизмлер арқалы жасырын экономикадан алып шығыў кереклиги айтылды. Саўда, улыўма аўқатланыў, транспорт ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў тараўларында пластикалық карталар ҳәм басқа түрдеги контактсыз төлемлерди айланыс дәрамат салығын есаплаў базасына киргизбеў усынысы билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы киши бизнес субъектлери ушын салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў, исбилерменлик жумысына руқсат бериў ҳәм лицензиялаўдағы артықша тәртип-қағыйдаларды және де қысқартыў зәрүрлигин атап өтти.

Мысалы ушын, 100 лицензия ҳәм 34 руқсатнаманы қысқартып, хабардар етиў тәртибине өткериў, және көбисин әпиўайыластырыў, 14 ҳүжжетти бериў мүддетлерин 2 есеге шекем қысқартыў мүмкин. Усы илажлар нәтийжесинде исбилерменлер жылына 125 миллиард сумды үнемлеў имканиятына ийе болады.

Сондай-ақ, 43 уйымның 270 қадағалаў функциясын сын көзқарастан үйренип, жасырын экономика ҳәм коррупцияға себеп болып атырған ўәкилликлерди қысқартыў бойынша көрсетпелер берилди.

Өз гезегинде, коррупциялық ҳәм жасырын жумысқа ҳәдден тыс кирисип кеткен инсапсыз исбилерменлерге жуўапкершиликти күшейтиў зәрүрлиги айтып өтилди.

Жасырын экономиканы тармақлар ҳәм тараўлар бойынша таллаўдың талап дәрежесинде емеслиги көрсетип өтилди. Халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, бир ўәлаят мысалында жасырын экономиканың статистикалық есабаты енгизилетуғыны белгиленди.

Коррупция ҳәм жасырын экономикаға қарсы гүресиўде тийкарғы күш бизнес ҳәм жәмийетшилик болып есапланады. Сонлықтан жәмийетте бул иллетлерди жаман көриў сезимин қәлиплестириў, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар арқалы олардың унамсыз ақыбетлерин жарытып барыў әҳмийетли екени атап өтилди.

-Жасырын экономикаға қарсы гүресиў исбилерменлерди жазалаў, олардың жумысына тосқынлық етиў дегени емес. Бул, әсиресе, пандемия дәўиринде үлкен әҳмийетке ийе. Орынларда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў арқалы майда коррупцияға да қатаң илажлар көриў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте белгиленген илажлар бойынша ҳәр бир министрлик ҳәм тармақ алдына жыл ақырында анық көрсеткишлерге (KPI) ерисиў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА