Президент Шавкат Мирзиёев 27-июль күни Ташкент қаласында коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў, бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин , халыққа сапалы ҳәм өз ўақтында медициналық жәрдем көрсетиў көлемин арттырыў бойынша алып барылып атырған ҳәрекетлердиң есабатын тыңлады.

Мәмлекетимиз басшысы эпидемиологиялық жағдайды қатаң қадағалаўға алып, дерлик ҳәр бир мәжилисте бул мәселеге тоқтап өтпекте. Соның ишинде, 15-июль күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятындағы эпидемиологиялық жағдайды жылаўлаўдағы жумыслар айрықша сынға алынып, наўқасларды өз ўақтында ҳәм дурыс емлеў ушын шараят жаратыў бойынша тапсырмалар берилген еди.

Атап айтқанда, пайтахтымызда қысқа ўақытта кең көлемли шөлкемлестриўшилик жумыслары әмелге асырылды. Юнусабад районындағы «Өзэкспоорай» павильонында, Гимнастика сарайында, «Жаслық» спорт комплекси ҳәм басқа да имаратларда коронавирусқа гүман етилгенлерге диагноз қойыў, зәрүрликке бола емлеў ушын шараят жаратылмақта. Олар пандемия талаплары тийкарында үскенеленип, зәрүр медициналық үскенелер менен тәмийинленбекте.

Кеселликке шалынғанлар ҳәм ҳәзирги күнлерде пневмониядан жәбир көрип атырғанларға әмелий жәрдем түринде 10 арнаўлы поликлиника шөлкемлестирилди. Олардың жумысы түни-күни жолға қойылған болып, пуқаралар бул жерге мүрәжәт етиў арқалы тәжирийбели медициналық хызметтен пайдаланыў имканиятына ийе болмақта.

Презентация түриндеги додалаўда Өзбекстан Республикасының Бас министри, орайлық мәкемелер, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, мәмлекетте санитариялық-эпидемиологиялық тынышлықты тәмийинлеўге тартылған басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы пандемия шараятында денсаўлықты сақлаў миллий системасын қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, пайтахттағы спорт комплекслери негизинде шөлкемлестирилип атырған жумысты бөлип алып ислеў орайлары ҳәм жаңа клиникаларды медицина хызметкерлери менен тәмийинлеў, коронавирус пенен кеселленген шахсларды нәтийжели емлеўге мәмлекетимиздиң әскерлери, әскерий-медициналық мәкемелердиң хызметкерлери ҳәм медицина қәнигелерин тартыў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратты.

Тартылып атырған медицина хызметкерлериниң сменадағы мийнетине ҳәр күни, өз ўақтында ҳақы төлеў, оларды зәрүр  бирден-бир  тәртиптеги қорғаныў қураллары, азық-аўқат ҳәм жатақ жай менен тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Додалаў соңында жуўапкер структуралардың басшыларына бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириў бойынша анық тапсырмалар ҳәм көрсетпелер берилди.

ӨзА