2020-жылдың январь-июнь айларында Өзбекстан бойынша юридикалық тәреп статусына ийе болған кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеўшилердиң орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақысы 2,5 миллион сумды қурап, 2019-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 21,6 процентке артты, деп жазады xs.uz сайты.

Мәмлекетлик статистика комитетиниң хабарына бола, орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақысының республика бойынша орташа көрсеткишинен денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў жумысы – 30,4 процентке, билимлендириў тараўы – 22,9 процентке сезилерли дәрежеде төмен болды. Соның менен бирге банк, лизинг, кредит ҳәм дәлдалшылық жумысы – 13,7 процентке, мәлимлеме ҳәм байланыс тараўы – 62,2 процентке республика бойынша орташа көрсеткиштен сезилерли дәрежеде жоқары екенлиги бақланды.

Экономикалық жумыстың барлық түрлеринде 2019-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақысының өсиўи бақланды. Әсиресе банк, қамсызландырыў, лизинг ҳәм кредит-дәлдалшылық жумысында – 33,4 процентке, тасыў ҳәм сақлаў тараўында – 28,5 процентке сезилерли өсиў бақланды.

Билимлендириў тараўы бойынша орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақысы 1,9 миллион сумды қурап, 2019-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 17,0 процентке артқан.

Республикадағы орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақысына салыстырғанда сезилерли жоқары көрсеткишлер Ташкент қаласы – 39,6 процент, Сырдәрья ўәлаяты – 2,0 процент, Ташкент ўәлаяты – 0,2 процент ҳәм Қарақалпақстан Республикасы – 0,2 процент үлесине туўра келген.

Соның менен бирге, 10 аймақта усы тараўдағы орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақысының республикалық орташа көрсеткишинен төмен екенлиги бақланды.

Республикадағы орташа айлық мийнет ҳақысына салыстырғанда сезилерли төмен көрсеткишлер Сурхандәрья ўәлаяты – 95,6 процент, Хорезм ўәлаяты – 92,0 процент, Ферғана ўәлаяты – 90,9 процент, ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты – 88,7 процент үлесине туўра келген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги