Мобиль телефон арқалы коронавирус жуқтырыў мүмкин бе? Бул сораўға Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясының баслығы Нурмат Отабеков жуўап берди.

«Әлбетте, жуғыўы мүмкин. Мобиль телефон басқа да буйымлар сыяқлы кеселлик қоздырыўшысы, соның ишинде, коронавирус инфекциясы тасыўшысы болыўы мүмкин.

Мобиль телефоннан көшеде, транспортта, жәмийетлик орынларда кеңнен пайдаланылады, есик ҳәм текшениң услағышлары, магазинлерде арбашалар ҳәм басқа да орынларға қол менен тийгизгеннен кейин тез патасланғанлығы ушын телефонды тез-тезден ҳәм турақлы түрде антисептикалық қурал жәрдеминде зыянсызландырыў керек. Егер телефон қапта болса, әлбетте қап шешилип тазаланыўы керек», дейди Отабеков.

Бул ҳаққында xs.uz сайты мәлим етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги