Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы қарары менен мәмлекетимизде усы жыл 31-июль күни «Қурбан ҳайыты байрамы» сыпатында кеңнен белгиленеди.

Биз усы байрам менен байланыслы илажлардың қандай тәртипте әмелге асырылыўы кереклиги туўралы, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Шамсуддин Баҳауддиновтан мағлыўмат алдық:

Қурбанлық ҳижрий екинши жылы ўәжиб болған. Қурбанлық әслий ҳажатларынан (тийкарғы мүлклеринен) артықша зәкат бере алатуғын муғдарда қаржысы бар ержеткен, муқим ҳәр бир мусылманға ўәжиб болады. Қурбанлық сойыў ўақты Зулҳижжа айының оныншы күни ҳайыт намазы оқылғанынан кейин, он екинши күни қуяш батқанға шекем даўам етеди. Демек, быйыл қурбан ҳайытының биринши күни 2020-жылы 31-июль күнине сәйкес келеди.

Ҳайыт намазы оқылмай турып қурбанлық етиў дурыс есапланбайды. Бул ибадат кәмбағал ҳәм мүсәпирлерге ўәжиб емес. Алдын кәмбағал болып, кейин қурбанлық күнлери қурбанлық қылыў нысабына жететуғын пулға ийе болып қалған адам қурбанлық қылыўы шәрт. Имам Бухарий ҳәм Имам Муслимнен рәўият қылынған бир ҳәдисте Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Бул күни қылынатуғын биринши ис ҳайыт намазын оқыў, соң (үйимизге) қайтып қурбанлық қылыў. Кимде ким усындай қылса, сүннетке муўапық ис қылған болады, ким ҳайыт намазынан алдын қурбанлық қылса, бул қурбанлық есапланбайды, бул тек өз шаңарақлары ушын шалынған гөш болады».

Малды шалмастан биреўлерге солайынша бериў де дурыс болмайды. Ол тек садақа есабында болып кетеди. Егер қурбанлық ўәжиб болған адам қурбанлық қылмаса, қурбанлыққа жарайтуғын қойдың баҳасындағы пулды садақа қылып жибериўи мойнында болады.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деген: «Адам баласы ушын қурбан ҳайыты күни Алла таала жолында қурбанлық қылыўдан сүйкимлирек әмел жоқ. Алла таала ушын сойылған қурбанлық қыямет күни шақы ҳәм жүнлери менен (гүўалыққа) келеди».

Қурбан ҳайыты күнлери және бир әмел бар, яғный тәкбири тәшрийқ айтыў. Тәкбир айтыў ҳайыт күнинен бир күн алдынғы арафа күнинен басланады, бизлерде бул күнди ийис күни деп те атайды. Демек, ийис күни таң намаздан баслап тәкбир айтып басланады. Он үшинши зулҳижжаның намазлыгерине шекем айтылады, 23 парыз намазынан кейин ҳәм ҳайыт намаздан кейин айтылады. Демек, 30-31-июль ҳǝм 1-2-3-август күнлери бес ўақыттан кейин тәкбир айтылыўы керек, 3-август күни таңда, песинде ҳәм намазлыгерде айтылады.

Ҳәммемизге белгили, бүгинги күнде дүнья бойлап, соның ишинде, елимизде де COVID-19 пандемиясы кең тарқалды. Ҳǝзир инсаният қыйын дǝўирди бастан кеширип атыр. Елимизде эпидемиологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың саламатлығын ҳǝр тǝреплеме қорғаў ушын барлық илажлар кѳрилмекте.

Өзбекстан мусулманлары басқармасы Уламалар кеңесиниң қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққындағы баянатында белгилеп ѳтилгениндей, қурбан ҳайыты күнлери эпидемиялық жағдайды есапқа алып ҳәм адамлардың ѳмирине қәўип туўылып қалыўы себепли жума ҳәм басқа намазлар сыяқлы ҳайыт намазын да жәмәәт болып оқыўдың илажы болмайды.

Бундай жағдайда тѳмендеги аят, ҳәдис ҳәм шаръий қағыйдаларда кѳрсетилген усынысларға әмел етиўге буйырылады.

Алла таала қурани кәримде: «… Өз қолларыңыз бенен (өзлериңизди) өлтирмең», деп мәрҳамат қылады (Бақара сүреси, 195-аят).

Абу Саъид Худурий разияллаҳу анҳудан рǝўият етилген ҳәдисте ҳәзирети Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Зыян бериў ҳәм зыян кѳриў де жоқ» деген.

Жоқарыдағы айтылғанлардан келип шығып, шәрият инсанға зыян етиў мүмкиншилиги күшейген ўақытта ибадатларды жеңил тәризде ада етиўге рухсат береди ямаса пүткиллей сақыт етеди. Ҳайыт намазы ўәжип әмел болғанлығы себепли бүгингидей кеширимли жағдайларда ҳайыт намазын ада етиў сақыт болады.

Әмелдеги карантин талапларынан келип шығып, қурбан ҳайыты намазы ада етилмесе де байрам кейпиятын сақлап қалыў ушын ҳǝзирети Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның бир сүннетин турмысқа енгизиў мақсетке муўапық болады. Абу Саъид разияллаҳу анҳудан рǝўият етиледи:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳайыт намазынан алдын нәпил намаз оқымайтуғын еди. Қашан үйине қайтса еки ракат намаз оқыйтуғын еди» (Имам Ибн Можа рǝўияты).

Ҳанафий мазҳабының фиқҳий дǝреклеринен бири болған «Мажмаъул анҳур» китабында:

«Ҳайыт намазы Зуҳо (сәске) намазының орнына қойылған. Қашан, ҳайыт намазы қандайда бир кеширимли себеп пенен оқылмай қалса, еки ямаса тѳрт рәкат нәпил намаз оқыў мустаҳаб болады. Төрт рәкат оқыған абзал», деп кѳрсетиледи.

Әзиз заманласлар, Алланың раҳмети ҳәм берекети жаўылып турған усы демде, қәлбимиз жумсап, ықласымыз артып турған демлерде дуўа қылайық. Халқымызды, жанажан ўатанымызды бул апатлардан, бәле-қазалардан өзи сақлап, өмиримизди буннан да пәраўан етсин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги