Бүгинги пандемия шараятында кем тәмийинленген, бағыўшысынан айырылған, жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алыўдай халқымызға тән болған меҳир-мириўбетлик илажлар барлық районларда карантин қағыйдаларына муўапық әмелге асырылмақта.

Усындай илажлардың бири Елликқала районында ӨзЛиДеП белсендиси, исбилермен Қурбанбай Султанов тәрепинен әмелге асырылды.

Ол райондағы 1-сектор аймағы «Қырқ қыз» АПЖдағы «Қырққызабад», «Беруний», «Улуғбек», «Наўрыз» елатлы пунктлеринде жасайтуғын социаллық жәрдемге мүтәж, майыплығы болған пуқаралар ҳәм жалғыз баслы кекселерден хабар алып, 10 шаңараққа бир қалта ун ҳәм азық-аўқат өнимлерин бийпул тарқатты.

– Бүгинги сынаўлы күнлерде адамлардың бир-бирине жәрдем бериўи, әтирапындағыларға меҳир көрсетиўи, әсиресе, усы күнлерде материаллық жәрдемге мүтәж болып қалғанлардан хабар алыўы үлкен әҳмийетке ийе. Бул қыйыншылықларды биз биргеликте аўызбиршилик пенен жеңемиз,-дейди исбилермен Қ.Султанов.

Бундай илажлар орынларда даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги