СУД ЗАЛЫНАН

Усы жылдың 20-июль күни саат 21.00 лер шамасында мәс ҳалында өзин екинши қабаттан тасламақшы болып, халыққа «бийпул тамаша» көрсеткен Нөкис қаласының турғыны, 1999-жылы туўылған Б.А. суд тәрепинен тийисли жазасын алды.

Бул ҳаққында Нөкис қалалық ҳәкимшилик судының баслығы Амангелди Салиев шолыўшымызға мәлим етти.

Елимизде карантин илажлары даўам етип атырғанына қарамастан айырым пуқараларымыздың спиртли ишимликлер ишип, белгиленген қағыйдаларға бойсынбай ислеп атырған ҳәрекетлерине не деўге болады. Пуқара Б.А. спиртли ишимлик ишкени менен турмай, медициналық нықап тақпастан, өзин көп қабатлы үйдиң екинши қабатынан таслайман деп шаўқым шығарып, көпшиликтиң тынышлығын бузған. Ҳәр кимниң денсаўлығы биринши гезекте өзине қәдирли. Соған қарамастан ол ўақыя орнына жетип келген ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң нызамлы талабын орынламаған.

Бул бойынша топланған ис Нөкис қалалық Ҳәкимшилик судында көрип шығылды. Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң тийисли статьялары менен пуқараға 7 (жети) сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги