Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Контрбандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери тәрепинен тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте товар-материаллық байлықлардың нызамсыз айланысына қарсы Нөкис қаласында оператив илаж әмелге асырылды.

Илаж даўамында пуқара Д.И. шәртли қарыйдарға 80 дана “Samyun Wan” атамасындағы сапасы кепилленбеген биоактив қосымшаларды сатып атырған ўақтында илаж қатнасыўшылары тәрепинен қолға алынды.

Ҳәзирги ўақытта бул факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги