Египет Араб Республикасындағы «Дорул Ифто» фатво коллегиясы тәрепинен ҳижрий 1441-жыл Зулҳижжа айының бириши күни эралық жыл есабы бойынша 2020-жыл 22-июль күнине туўра келип атырғаны жәрияланды. Сол мүнәсибет пенен Саудия Арабстанында ҳаж ибадатын  орынлап атырған шекленген көлемдеги жергиликли зыяратшылар 2020-жыл 30-июль, арафа күни Арафат таўында жыйналады.

2020-жыл 31-июль, жума күни болса Зулҳижжа айының 10-күни болып, Ислам дүньясындағы ең уллы байрам Ийдул-Азҳо-Қурбан ҳайытының биринши күни болады, инша Алла.

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси

Баспасөз хызмети

 

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги