Халықаралық Олимпияда комитети (ХОК), Халықаралық Паралимпияда комитети (ХПК) ҳәм Дүнья жүзлик Олимпияда шериги Airbnb бес күнлик жазғы фестиваль өткерилетуғынын жәриялады.

Өзбекстан Миллий олимпияда комитети баспасөз хызметиниң хабарына бола, Фестивальда дүньяның ең жақсы спортшылары тәрепинен шөлкемлестирилетуғын 100 Олимпияда ҳәм Паралимпияда онлайн ушырасыўы өткериледи. «Olympic and Paralympian Online Experiences» деп аталған бул фестиваль усы жылы Токиода шөлкемлестирилиўи тийис болған Олимпияда ойынларының басланғыш сәнеси – 24-июльде старт алады.

Фестиваль бағдарламасында бес күн даўамында бир неше регион саатларында түрли интерактив онлайн ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген. Спорт жулдызлары усы онлайн ушырасыўларда қатнасыўды «Airbnb»да 22-июльден буйыртпа етип қойыўы мүмкин. Тамашагөйлер таңланған онлайн ушырасыўларды тиккелей ямаса тәкирарланған тәртипте «Airbnb»тың «YouTube»тағы Олимпияда ҳәм Паралимпияда каналларында бақлаўы мүмкин.

Фестиваль спорт ықласбентлерине 20 дан аслам мәмлекет ҳәм регион спотшылары менен мисли көрилмеген глобал қарым-қатнаста болыў имканиятын береди.

 

ӨзА