Президент Шавкат Мирзиёев 20-июль күни архитектура ҳәм қурылыс тараўындағы реформалардың нәтийжелерине байланыслы презентация менен танысты.

Елимизде қурылыс көлеми жыл сайын кеңеймекте. Узақты ойлап, аймақларда урбанизация процеси әмелге асырылып атыр. Аўыллық жерлерде де қурылыс жумыслары жеделлескен.

Булар, әлбетте, тараўды жетилистириў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, ипотека базарын раўажландырыўды талап етеди. Соңғы үш жылда бул мәселелер бойынша Президенттиң қырққа шамалас қарары қабыл етилди.

Бул ис-ҳәрекетлердиң избе-из даўамы сыпатында мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 13-марттағы пәрманында қурылыс тараўындағы реформаларды буннан былай да тереңлестириў, бюрократиялық тосқынлықларды азайтыў, барлық басқышларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, инновациялық қолланбалар менен алдыңғы мәлимлеме технологияларын кеңнен қолланыў илажлары белгиленген еди.

Қурылыс министрлигиниң алдына  337 қала қурылысы қағыйдасы ҳәм нормаларынан усы жылы 60 ын жаңалаў ўазыйпасы қойылған. Жыл басында министрликте Қурылыста техникалық өлшеў орайы шөлкемлестирилип, оған  15 маман қәниге алынған. Ҳәзирги күнде 33 жаңа қала қурылысының қағыйда ҳәм нормалары ислеп шығылған.

Мәжилисте бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў ушын алдыңғы тәжирийбеге ийе сырт ел компаниясын тартыў бойынша көрсетпе берилди.

Президентимиз тараўда коррупция ҳәм «жасырын экономика» жағдайларын кескин сынға алып, қурылыс тендерлерин өткериў ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерди таңлаў процесслерин санластырыў зәрүрлигин атап өтти.

Бүгинги күнде елимизде  32 мың жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем бар. Быйылғы жылдың 1-сентябрине шекем қурылыс кәрханаларының финанслық көрсеткишлери, төлеў қәбилети, мәмлекетлик сатып алыўлар, жумысшы-хызметкерлердиң маманлығы сыяқлы мағлыўматларды қамтып алатуғын бирден-бир платформаны иске қосыў ўазыйпасы қойылды. Бул платформа 1-ноябрьге шекем Ташкент қаласында, кейинги жыл басынан республика бойынша енгизиледи. Оған электрон мийнет дәптершеси системасы да интеграцияланады.

Таллаўларға бола, соңғы еки жылда мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде 3 мыңнан аслам қурылыстан тек ғана 182 синде тендер өткерилген. Себеби тендер процесслери қурамалы ҳәм онда баҳаның арзанлығы тийкарғы болып есапланады. Қурылыс шөлкеминиң тәжирийбеси, сапа мәселеси кейинги орынларда қалып кеткен.

Сонлықтан кейинги жылдан баслап, жаңа мәлимлеме системасына киргизилген ҳәм рейтинги жүргизилетуғын қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши кәрханаларына қаржы ажыратылыўы белгиленди.

Қурылыс тараўында авторлық, техникалық ҳәм мәмлекетлик қадағалаўды жетилистириў бағдарында өз алдына қарар қабыл етип, барлық шараятлар жаратып берилген. Ендиги ўазыйпа – қадағалаўды ҳәзиргидей қолда емес, ал IT-технологияларын енгизген ҳалда әмелге асырыў керек екенлиги атап өтилди.

Жуўапкерлерге бир ай мүддетте қурылыс кәрханалары ҳәм объектлери ҳаққындағы мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ўазыйпасы жүкленди.

Усы жыл 1-августтан баслап Ташкент қаласында, кейинги жылдың басынан басқа аймақларда қурылыста анықланған барлық кемшиликлер фотосүўретлери менен системаға онлайн киргизиледи ҳәм қадағалаў процесслери автоматластырылады.

Қурыўшы шөлкем ямаса пуқараларға қурылыс процесиниң тәртиплери ҳәм шәртлери ҳаққында қәлеген ўақытта алыў имканиятын беретуғын онлайн система иске қосылады.

Барлық қала қурылысының қағыйда ҳәм нормалары интерактив көриниске өткерилиўи, жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў бойынша барлық процесслерди санластырыў ҳәм экспертиза жуўмақларын бирден-бир базада сақлаўды жолға қойыў кереклиги атап өтилди.

Бул илажлар елимизде қурылысқа руқсат бериў процесин 254 күннен 84 күнге қысқартыў, бул процесслердеги тәртип-қағыйдаларды  17 ден 5 ке азайтыў, исбилерменлер ҳәм пуқаралардың бул жумысларға кететуғын ўақтын 67 процентке азайтыў имканиятын береди.

Мәжилисте жуўапкерлер қурылыс тараўын санластырыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, қала қурылысының қағыйда ҳәм нормаларын жаңалаў бағдарындағы жумыслар бойынша презентация өткерди.

ӨзА