Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студент-жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын үгит-нәсиятлаў, көркем әдебий саўатлылық дәрежесин арттырыў арқалы, оларды ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм оның жарқын келешегин тәмийинлеў руўхында тәрбиялаў мақсетинде «Мәрипат таратып» жойбары шөлкемлестирилди.

Жойбар шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Оразбай Әбдирахманов, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурман, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, «Шуҳрат» медалы ийеси, белгили шайыр Бахтияр Генжемуратовлар институтқа келип студент- жаслар менен ушырасты.

Ең дәслеп миллий әдебиятымызда өз орнына ҳәм дөретиўшилик жолларына ийе болған жазыўшы ҳәм шайырларымыз институт бағына жақсы нийетлер менен мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин екти.

Соңынан мийманлар студент-жаслар менен мәжилислер залында ушырасып, онда бүгинги күни мәмлекетимизде жаслардың билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўи, дөретиўшилик ҳәм илимий изленислер менен шуғылланыўы, исбилерменлик жумысларын жолға қойыўы ушын барлық шараятлар, имканиятлар жаратылғанлығын айрықша мақтаныш пенен атап өтилди.

Әсиресе, соңғы ўақытларда өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен, қырғыз ҳәм басқа да халықлардың әдебий мийрасларын үйрениў, туўысқан халықлар менен әдебий байланысларды еле де күшейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери де салмақлы екенлиги сөз етилди.

Ушырасыўды жаслар тәрепинен кеше мийманларына әдебий дөретиўшилик, халықлар әдебияты ҳәм мәдений байланыслар ҳаққындағы сораўлар берип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Буннан соң ушырасыў институттың студентлер турақ жайында даўам етти. Ол жерде дөретиўшиликке ықлас қойған бир қатар жаслар сөз зергерлери – устаз жазыўшы ҳәм шайырларға өз дөретпелерин оқып, олардан зәрүрли мәсләҳәт ҳәм жол-жобалар алды.


Сондай-ақ, жойбар буннан кейин пайтахтымыздағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебинде даўам етти.

Өткерилген әдебий кешеде мектеп муғаллимлери, оқыўшылары ҳәм институт студентлери устаз дөретиўшилердиң шығармаларын оқып, қарақалпақ ҳәм өзбек әдебиятының байланыслары ҳаққында баянатлар жасады ҳәм институттың талантлы студентлери және «Тумарис» ансамбли ағзалары тәрепинен кеше қатнасыўшыларына концерт бағдарламасы қойып берилди.

Солай етип, «Мәрипат таратып» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген бир күнлик мәдений-ағартыўшылық илажлары жасларды дөретиўшиликке  руўхландырып, китапқумарлыққа бағдарлаўға салмақлы үлес қосты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги